Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң мағлыўматларына бола, жағдай Россия Федерациясы ҳәм Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ўәкилликли уйымлары тәрепинен қадағалаўға алынған.

Ҳәзирги ўақытта диагноздың лабораториялық тастыйықланыўы, инфекция жуғыўының мүмкин болған дәреги ҳәм жоллары, наўқастың ҳәрекетлениў маршруты, сондай-ақ, оның менен байланыста болған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар үйренилмекте.

Өзбекстан аймағына айрықша қәўипли жуқпалы кеселликлердиң кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша тийисли хызметлердиң таярлығы күшейтилди.

Пуқаралардан тексерилмеген мағлыўматларды тарқатпаў, мағлыўматларды тек ғана рәсмий дәреклерден алыў соралады.

Эпидемиологиялық жағдай өзгерген жағдайда белгиленген тәртипте қосымша мағлыўмат бериледи.