Өзбекстанда ыссыхана хожалықларын ҳәм экспортты қоллап-қуўатлаў күшеймекте

    12 қазан 2025 491

    "Ыссыхана хожалықларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм экспорт көлемин көбейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент пәрманы (ПҚ-181-санлы, 08.10.2025-ж.) қабыл етилди.

    Пәрманды қабыл етиўден мақсет мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин арттырыў, ыссыхана хожалықларының жумысын буннан былай да раўажландырыў, жаңа резерв ҳәм имканиятларды иске қосыўдан ибарат.

    2025-2027-жылларда мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң експорт көлемин арттырыў, ыссыхана хожалықларының жумысын буннан былай да раўажландырыў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў бойынша тийкарғы мақсетли көрсеткишлер етип:

    мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин 2026-жылы 3,5 миллиард АҚШ долларына ҳәм 2027-жылы 4 миллиард АҚШ долларына жеткериў;

    тәбийғый газ бенен кепилликли тәмийинленген ыссыхана хожалықларында мийўе-овош жетистириў көлемин 2026-жылы 620 мың тоннаға, 2027-жылы 670 мың тоннаға жеткериў ҳәм экспорт көлемин 30 проценттен 70 процентке арттырыў;

    2026-жылы қосымша 20 мың гектар, 2027-жылы 15 мың гектар жерге мийўе-овош нәллери егиўди шөлкемлестириў.

    Ыссыхана хожалықларының үзликсиз жумысын тәмийинлеў мақсетинде төмендеги жеңилликлер бериледи:

    2026-жыл 1-январьдан 2028-жылдың ақырына шекем социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында белгиленеди;

    2025-жыл 1-октябрь жағдайындағы салық қарыздарлығын төлеў мүддети 2028-жылдың ақырына шекем процентлерсиз создырылады.


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates