Мәмлекетимиз көлеминдеги барлық ғалабалық ҳәм байрам илажларының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўи жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды көриўди талап етпекте. Усы мүнәсибет пенен Ишки ислер министрлиги системасы алдына бир қатар ўазыйпалар қойылды.
Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Азиз Ташпулатов барлық тармақ ҳәм аймақлық структуралардың басшылары қатнасыўында өткерилген мәжилисте "Соңғы қоңыраў" байрамына бағышланған илажларды қәўипсиз ҳәм байрам кейпиятында өткериўге таярлық көриў бойынша тапсырмалардың орынланыў барысы көрип шығылды.
Мектеплерде оқыўшылар менен түсиндириў жумысларын алып барыў, билимлендириў мәкемелери жанында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, оқыўшылардың айдаўшылық гүўалығын алмастан автотранспорт басқарыў жағдайларының алдын алыўға қаратылған профилактикалық ҳәм қадағалаў илажларын алдыннан шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте, сондай-ақ, жақынласып киятырған муқаддес Қурбан ҳайыты байрамында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, мешитлер жанында халық ушын зәрүр ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў, байрам илажлары өткерилетуғын жәмийетлик орынлар ҳәм кеўилашар орайларда патруль-қорғаў нарядларын көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Соның менен бирге, жазғы дем алыс дәўиринде балалардың саламатландырыў орайларында қәўипсиз дем алыўын шөлкемлестириў, олардың патруль менен биргеликтеги транспорт қуралларында ҳәрекетлениўин тәмийинлеў, сондай-ақ, орайларға инспектор-психологларды бириктириў бойынша ўазыйпалар ҳәм режелер додаланды.
Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе шеңберинде объектлер ҳәм квартираларды қорғаўға алыў ҳәм бул жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды. Бул процесслерди жеделлестириў ҳәм тараўға енгизилип атырған жасалма интеллект технологияларын буннан былай да жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.