Пәрманға муўапық, Конституциялық судтың жумысын жетилистириўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди:
пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың конституциялық әдил судлаўдан пайдаланыўын, олардың бузылған конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин тиклеў имканиятларын кеңейтиў;
пуқаралардың, юридикалық шахслардың мүрәжатларын (арзаларын) көрип шығыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, артықша бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм әўерегершиликти сапластырыў.
Тиккелей мүрәжат етиў ҳуқықының субъекти болмаған пуқара ямаса юридикалық шахстың Конституциялық судқа тийисли мәселе бойынша киргизген мүрәжаты Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған субъектке жибериледи.
Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болған субъект тәрепинен мүрәжатта баян етилген мәселе Конституциялық судқа киргизилмеген жағдайларда мүрәжат етиўшиге хабарнама жибериледи, Конституциялық судқа болса мүрәжатта баян етилген мәселени Конституциялық судқа киргизиў ушын тийкарлар жоқ екенлиги тийкарланған мәлимлеме усынылады.
Конституциялық шағым институтының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм суд қорғаўын тәмийинлеў бойынша нызамшылық жетилистирилип, төмендегилер белгиленбекте:
Конституциялық суд тәрепинен анық ис бойынша суд тәрепинен қолланылған нызам Конституцияға муўапық емес деп табылған жағдайда суд ҳүжжетин белгиленген тәртипте қайта көрип шығыў ушын тийкар сыпатында;
Жоқары судтың Конституциялық судқа судлар тәрепинен усыныс етилген, белгили бир ис бойынша қолланылыўы тийис болған нормативлик ҳуқықый акттиң Конституцияға муўапықлығы ҳаққындағы мүрәжаты судта тийисли ис бойынша ис жүргизиўди тоқтатып турыў ушын тийкар сыпатында.