Өзбекстанда жумыстан артықша жумыс ушын ҳақы төлеў тәртиби жетилистирилди

    Социаллық турмыс 13 қараша 2025 667

    Нызам менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Нызам менен нызам ҳүжжетлерине Миграция агентлигиниң ўәкилликлерин анықластырыў, жеке меншик бәнтлик агентликлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелерин кеңейтиў, жумыстан тысқары жумысқа ҳақы төлеў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Оған бола, жеке меншик бәнтлик агентликлерине төмендеги ҳуқықлар берилген:

    жумыс излеп атырған шахслар ушын кәсипке таярлаў ҳәм шет тиллерин үйретиў бойынша оқыў курсларын белгиленген тәртипте шөлкемлестириў, сондай-ақ, бул процесске шет елли жумыс бериўшилерди тартыў;

    резервленген қаржыларды коммерциялық банклердеги депозитлерге жайластырыў есабынан алынған процент дәраматларын еркин басқарыў.

    Буннан тысқары, Мийнет кодексине киргизилген өзгерислерге бола, жумыстан артықша жумыстың мүддети жылына 120 сааттан аспаўы шәрт екенлиги шығарып тасланды.

    Сондай-ақ, жумыстың артықша бөлеги күнине дәслепки еки саат ушын кеминде 1,5 есе, еки сааттан артық бөлеги ушын кеминде 2 есе муғдарында ҳақы төлениўи белгиленген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates