Өзбекстанда майыплығы болған балаларды тәрбиялап атырған аналар ушын жеңилликлер белгиленди

    Социаллық турмыс 23 қазан 2025 553

    Өзбекстанда балалықтан майыплығы болған балаларды тәрбиялап атырған аналар бир қатар социаллық жеңилликлерге, соның ишинде, мүддетинен алдын пенсияға шығыў ҳуқықына ийе.

    Балалықтан сегиз жасқа шекем майыплығы болған баланы тәрбиялап атырған ҳаялға пенсия тайынлаўда майыплығы болған баланы тәрбиялаў дәўири пенсияға шығыў ушын зәрүр болған улыўма мийнет стажына (20 жыл) қосылады.

    Бул дәўир кеминде 7 жыллық мийнет стажы болғанда ғана есапқа алынады.

    Егер ҳаял-қызлардың улыўма стажы кеминде 20 жылды қураса, ол мүддетинен алдын - 50 жасқа толғанда пенсияға шығыў ҳуқықына ийе болады.

    Солай етип, Өзбекстанда майыплығы болған баланы тәрбиялаў мийнет дәўири сыпатында тән алынады, бул болса аналарға ертерек пенсияға шығыў ҳуқықынан пайдаланыў ҳәм мәмлекет тәрепинен қосымша социаллық жәрдем алыў имканиятын береди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates