Өзгерислерге бола, имаратлардың бийиклигине қарап, оларды пардозлаўда жаныў дәрежеси жоқары болған қурылыс материалларынан пайдаланыўға белгили шеклеўлер орнатылды.
Қурылыс материаллары жаныў дәрежесине қарап 4 түрге бөлинеди.
Бийиклиги 28 метрге шекем болган имаратлардың фасад бөлиминде жаныў дәрежеси төмен (2-4) болған материаллардан пайдаланыўға жол қойылады.
Бәлентлиги 28 метрден жоқары болған имаратларда, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелеринде (бәлентлигине қарамастан) жаныўшы материаллардан пайдаланыў қадаған етиледи.
Имаратлардың эвакуация жолларында (баспалдақ, коридор, холл, өтиў жоллары), жер төле ҳәм подвал қабатларында дийўал ҳәм төбелерди безеўде жаныўшы материаллардан пайдаланыў шекленбекте.
Бул талаплар өрттиң келип шығыў ҳәм тез тарқалыў қәўпин азайтыў, сондай-ақ, айрықша жағдайларда пуқаралардың қәўипсиз эвакуациясын тәмийинлеўге қаратылған.