Қарарға бола, 2026-жыл 1-апрельден баслап пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлар тийкарында тийисли транспортты басқарыў ҳәм оннан пайдаланыў ҳуқықын алған шахсларға жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликти өткериў ҳаққында мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети уйымларын хабардар етиў имканияты жаратылады.

Тастыйықланған режениң орынланыўы бойынша хабардар етиў бирден-бир портал (my.gov.uz) ямаса Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң мобиль қосымшасы арқалы әмелге асырылады.

Хабардар етиў хызметинен пайдаланыў ушын автотранспорт қуралының ийеси басқарыў ҳуқықын бериў мүддетин көрсеткен ҳалда ЖИДХПдағы жеке кабинети ямаса мобиль қосымшада анкетаны толтырады.

Басқарыў ҳуқықын алған шахс сораўнаманы тастыйықлаў арқалы кейин ала оған байланыслы жәрийма салыў ҳаққындағы қарарлардың рәсмийлестирилиўине разылығын билдиреди. Тастыйықлаў электрон санлы қолтаңба, «Mobile-ID» ямаса «Face-ID» жәрдеминде әмелге асырылады.

Хабарландырыў хызмети ушын БЕМның 10 проценти муғдарында жыйым өндириледи.

Сондай-ақ, усы қарар менен нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислерге бола, автомототранспорт қуралын дизимнен өткериў ҳаққындағы гүўалық 5 жыл мүддетке рәсмийлестирилетуғыны белгиленди.