Усы Реже реципиентлер ҳәм донорларды медициналық тексериўден өткериў, сондай-ақ, трансплантация операцияларын әмелге асырыў ушын медициналық жуўмақ бериў тәртибин белгилейди.

Реже тийкарында реципиент ҳәм тири донор 3 ай даўамында медицина мәкемелеринде медициналық тексериўден өткерилиўи керек.

Медициналық тексериў жуўмақлары тийкарында трансплантация операциясын әмелге асырыўға рухсат тек ғана Ҳүкиметтиң 2024-жыл 13-июньдеги 333-санлы қарарында көрсетилген мәмлекетлик медицина мәкемелериниң медициналық консилиумы тәрепинен бериледи.

Медициналық консилиум реципиенттиң инсан ағзалары ҳәм (ямаса) тоқымаларының трансплантациясына болған зәрүрлиги ҳәм донордың трансплантация операциясына жарамсызлығы ҳаққында медициналық жуўмақ береди (бермейди).

Егер трансплантация бойынша операция зыян жеткериўге алып келиўи мүмкин болып, оның нәтийжесинде инсан көриў, сөйлеў, еситиў қәбилетин жоғалтыўы ямаса психикасының бузылыўы ямаса мийнет қәбилетин 33 проценттен артық турақлы жоғалтыўы мүмкин болса, реципиентке ҳәм донорға медициналық жуўмақ бериўден бас тартылады.