Қарарға бола, 2026-жыл 1-июльге шекем исбилерменлер ҳәм илимпазлар арасында өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў мақсетинде төмендеги имканиятларды өз ишине алған арнаўлы электрон платформа ислеп шығылады:
исбилерменлер ҳәм инвесторлар ушын жаңа ойлап табыўлар ҳаққында толық мағлыўматларды сәўлелендириўши электрон формада жүргизилетуғын Жаңа қолланбалар базасын жаратыў;
илимий изертлеўшилердиң реестри ҳәм олардың изертлеў темаларын жүргизиў арқалы илимий қолланбалардың авторлары ҳәм изертлеў бағдарлары бойынша исбилерменлер ушын ашық мәлимлеме майданын жаратыў;
исбилерменлерге олардың жумыс бағдарларында илимий изертлеўлер арқалы шешими табылыўы зәрүр болған машқалаларды киргизиў имканиятын жаратыў.
2026-жыл 1-августқа шекем Арнаўлы платформа "Исбилерменлердиң турақлылық рейтинги" электрон платформасы менен интеграцияланады.