Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, усы жылдың өзинде электрон басқарыў системасы енгизилип, онда ислеў ушын 2,4 мың диспетчер таярланған.

Бул арқалы бригадалардың кешигип келиў жағдайлары 1,1 проценттен 0,3 процентке азайған.

Қубла Кореяның KOFIH шөлкеми менен биргеликте Ташкент қаласы ҳәм Самарқанд ўәлаятында симуляциялық оқыў орайлары шөлкемлестирилип, тез медициналық жәрдем хызметкерлериниң маманлығы арттырылмақта.

Соңғы сегиз жылда:

"103" хызмети шақапшаларының саны 818 ден 1 мың 680 ге шекем көбейди;

"Тез жәрдем" бригадаларының саны - 1 648 ден 2 865 ке шекем;

бир шақырыў ушын дәри-дәрмақ қәрежетлери 750 сумнан 11 800 сумға шекем көбейди.

Нәтийжеде бригадалардың келиў ўақты орташа 25-30 минуттан 10-15 минутқа шекем қысқарды.

2026-жылы:

халыққа онлайн мәсләҳәт бериў ушын "Online-шыпакер" системасын енгизиў;

электрон бағдарламаларды емлеўханалар ҳәм басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери менен интеграциялаў.

Тез медициналық жәрдем хызмети нәтийжелилиги ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде санластырыў жумыслары даўам еттирилмекте.