Ҳүжжет пенен Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 2026-2027-жылларда миллий
валютадағы 105 миллион доллар эквиваленти муғдарындағы қаржылар
"Микрокредитбанк" АКБ тәрепинен 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 4
жыллық жеңиллетилген дәўир менен басқышпа-басқыш, жыллық 6 процент ставкада
ажыратылыўы нәзерде тутылған.
2026-жыл 1-августтан баслап усы ресурслар есабынан қусшылық өнимлерин
ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлықларды иске қосыў ҳәм "таяр бизнес"
жойбарлары ушын 27.06.2024-жылдағы ПҚ-238-санға муўапық
"Микрокредитбанк" АКБ тәрепинен 10 жылға шекемги мүддетке, соның
ишинде, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 10 процентлик ставкада (соның
ишинде, банк маржасы 4 процент) кредитлер ажыратылады.
Сондай-ақ,
қусшылық хожалықлары, қусларға аралас жем ислеп шығарыўшылар ҳәм "таяр
бизнес" жойбарларын қаржыландырыў ушын 2026-жыл 1-сентябрьден баслап
"Микрокредитбанк" АКБ тәрепинен 10 процентлик ставкада жаңа кредитлер
ажыратылады.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 23.07.2026-жылдан күшке кирди.