Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын 2026-2027-жылларда 2 триллион сум ажыратылады

    Бизнес 4 желтоқсан 2025 175

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-декабрьдеги ПҚ-240-санлы қарары менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар белгиленди.

    Тийкаргы мақсетлер:

    мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайларының жумысын кеңейтиў;

    2026-2027-жылларда «Hamroh» ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў компаниясы тәрепинен 6 мың ҳаял-қызлардың исбилерменлик жойбарларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, 2,8 мыңын оқытыў ҳәм 2 мыңын қоллап-қуўатлаўға 2 триллион сум қаратылады.

    Жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў

    Мәҳәллелердеги Ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм саламатлығын беккемлеў орайлары ушын ҳәкимликлер резервлеринен турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында 300 кв. метрге шекемги, сондай-ақ, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ямаса олардың бир бөлеги оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында ажыратылады.

    Район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар басқармалары тәрепинен шөлкемлестирилген Орайлар тигиўшилик, кондитерлик, фитнес, шейпинг, ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў жумысларын шөлкемлестириў ушын ижараға бериледи.

    «Hamroh» ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде 2026-жыл 1-январьдан баслап қосымша қураллар енгизиледи:

    банклер тәрепинен шөлкемлестириўшилери қурамында ҳаял-қызлардың үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған ҳәм (ямаса) басшылары ҳаял-қызлар болған, кеминде 10 жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутатуғын киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына МБ тийкарғы ставкасынан 10 процентлик пунктке жоқары ставкада БЕМның 25 000 есесине шекемги муғдарда кредит ажыратыў;

    кредитлердиң 70 процентке шекемги бөлегине "Бизнести кепиллеў миллий компаниясы" АЖ тәрепинен кепиллик бериў.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 04.12.2025-жылдан күшке кирди, деп хабар береди «Norma».

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates