Атап айтқанда, прокуратура уйымларының жумысын санлы трансформациялаўдың тийкарғы мақсетлери сыпатында төмендегилер белгиленди:
2030-жылға шекем прокуратура уйымлары жумысының барлық бағдарларын автоматластырыў, алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында олардың жумысының ашық-айдынлық дәрежесин ҳәм оперативлигин сезилерли дәрежеде арттырыў;
Тергеў ҳәм прокурорлық қадағалаў процесслерин электрон түрге өткериў.
Пәрманға муўапық, прокуратура уйымларының жумысына «Raqamli prokuror» мәлимлеме системалары комплекси енгизилмекте.
Бул система мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахслары тәрепинен нызамлардың орынланыўы, олар тәрепинен қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларына муўапықлығы үстинен аралықтан қадағалаўды әмелге асырыў имканиятын береди.
Сондай-ақ, қадағалаў уйымлары тәрепинен барлық түрдеги қадағалаў илажларын өткериўде нызамларға сөзсиз әмел етилиўин мониторинг етиў мақсетинде «Tekshiruvlarning yagona elektron reyestri» мәлимлеме системасының тәжирийбе-сынағы ислеп шығылады.
Бул системаның толық версиясы 2026-жыл 1-декабрьден баслап иске қосылады.









