Жаңа система социаллық мәселелерге профилактикалық қатнас жасаўға
тийкарланған. Оның ушын поликлиникалар, мектеплер, бәнтлик орайлары, судлар,
ишки ислер уйымлары ҳәм жазаны өтеў мәкемелеринде профессионал социаллық
хызметкерлер институты енгизилмекте.
Шаңарақлардың ҳәм айырым пуқаралардың социаллық қоллап-қуўатлаўға
мүтәжлик дәрежеси тек ғана дәраматлар бойынша емес, ал турмыслық жағдайды
комплексли баҳалаў тийкарында анықланыўы зәрүр. Ҳәр бир пуқара ямаса шаңарақ
ушын индивидуал социаллық қоллап-қуўатлаў режеси ислеп шығылады.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги бул бағдардағы арнаўлы ўәкилликли
мәмлекетлик уйым етип белгиленди.
Ҳүжжетте
Министрлер Кабинети, атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм жергиликли ҳәкимият
уйымларының ўәкилликлери ҳәм жуўапкершилиги белгиленбекте, сондай-ақ, социаллық
жәрдем көрсетиўде мәҳәллелер, МКШлар, исбилерменлик субъектлери ҳәм
пуқаралардың қатнасыўы нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары,
нызам менен социаллық хызметлер ҳәм социаллық жәрдем түрлери, пуқаралар ҳәм
шаңарақларды социаллық қорғаўға мүтәж деп табыў тәртиби, социаллық жәрдем
көрсетиў ҳәм оны тоқтатыў тийкарлары, оны қаржыландырыў дәреклери, сондай-ақ,
социаллық хызметкерлердиң ҳуқықый статусы, социаллық кепилликлер ҳәм шеклеўлер
беккемлеп қойылмақта.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 23.07.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады "Norma" мәлимлеме-ҳуқықый порталы.