Халықаралық информатика олимпиадасы (IOI) -
мектеп оқыўшылары арасында спорт программаластырыўы бойынша дүньядағы ең ири
ҳәм абырайлы жарыс болып, ҳәр жылы 90 нан аслам мәмлекеттен ең күшли
қатнасыўшыларды бирлестиреди.
Мәмлекетимиз Олимпиаданы өткериў ҳуқықына 2023-жылы IOI Бас
ассамблеясының қарары менен ерискен еди. Арадан еки жыл өтип, 2025-жылы
Боливияда болып өткен Олимпиаданың жуўмақлаў мәресиминде Өзбекстанға IOI байрағы салтанатлы түрде тапсырылды ҳәм
Ташкентке гезектеги қала статусы рәсмий түрде тастыйықланды. Бул миллий
сайланды командамыздың тарийхтағы ең жақсы көрсеткиши - гүмис ҳәм бронза
медальларын қолға киргизгеннен соң жүз бергени рәмзий мәниге ийе.
IOI 2026 да
қатнасыў ушын АҚШ, Қытай, Германия, Сингапур, Корея Республикасы, Япония, Уллы
Британия сыяқлы 97 ден аслам мәмлекеттен 386 мектеп оқыўшысы дизимнен өткен.
Делегацияларды, ҳүрметли мийманларды ҳәм халықаралық комитетлердиң ағзаларын
қамтып алған ҳалда қатнасыўшылардың улыўма саны 900 ден артады.
Сегиз күнлик
бағдарламаға алгоритмли мәселелерди шешиў бойынша бес саатлық турлар,
семинарлар, устаханалар ҳәм Ташкенттиң дыққатқа ылайық орынларына саяхатлар
киргизилген.
Олимпиаданы
Ташкентте өткериў ҳаққындағы қарар IOI комитети тәрепинен Өзбекстанның рәсмий
арзасын көрип шығыў жуўмақлары бойынша қабыл етилди. Онда тараўды мәмлекет
тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары, заманагөй инфраструктура ҳәм жас
IТ-қәнигелерди таярлаў бойынша системалы жумыслар таныстырылды. Өзбекстан қабыл
етиўши мәмлекет сыпатында таңланғаны мәмлекетте IТ тараўы ҳәм санлы
билимлендириў избе-из раўажланып атырғанының тән алыныўы болды.
Таярлық
процесинде шөлкемлестириўшилер Олимпиаданы өткериў бойынша Боливия, Венгрия ҳәм
Египет тәжирийбесин үйренип, ең жақсы тәжирийбелерди жергиликли шараятқа
бейимлестирди. 2027-жылы болса Германия эстафетаны қабыллайды.
"Ташкентте
Халықаралық информатика олимпиадасын өткериў ҳуқықы - IТ-билимлендириўди
раўажландырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм заманагөй санлы экосистеманы
жаратыў бойынша көп жыллық избе-из жумыслардың нәтийжеси болып есапланады. IOI 2026-жылдың
өткерилиўи бул ҳәрекетлердиң халықаралық тән алыныўы болды. Бүгинги күнде бул
жумыслардың нәтийжелилигин миллий сайланды командамыздың нәтийжелери де
тастыйықлайды: мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Боливияда өткерилген IOIда
қолға киргизилген гүмис ҳәм бронза медалы инсан капиталын раўажландырыў, санлы
билимлендириў ҳәм жас талантларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы избе-из
мәмлекетлик сиясаттың нызамлы нәтийжеси болды.
Биз IOI 2026 ны
бир мәртелик абырайлы илаж емес, ал "Санлы Өзбекстан - 2030"
стратегиясының бир бөлеги сыпатында көремиз. Жас талант қанша ерте дүньядағы ең
жоқары шек пенен ушырасса, глобал базарда бәсекилесе алатуғын қәнигелердиң жаңа
әўлады соншелли тез туўылады.
Август айында
Ташкент планетамыздың 386 ең жақсы жасларының Өзбекстанды биз қандай көрип
атырған болсақ, сондай ашық, умтылыўшаң ҳәм өсип атырған технологиялық мәмлекет
деп билетуғын орынға айланады", - деп атап өтти Өзбекстан Республикасы
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов.
Олимпиадада
Өзбекстан шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында еки команда - миллий таңлаў
нәтийжелери бойынша сайлап алынған сегиз қатнасыўшы қатнасады: Жаҳонгиршоҳ
Авазхонов, Тимур Қадирбергенов, Жаҳонали Ҳайдаралиев ҳәм Улуғбек Раҳматуллаев
биринши командада; Сардор Салимов, Ҳумоюн Абдураупов, Улуғбек Камалов ҳәм
Равшан Раҳмиддинов – екинши командада. Команда географиясы Наманган ҳәм Наўайы
ўәлаятлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласын қамтып алған.
Балалар Президент мектеплери, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мектеп, Westminster
лицейи ҳәм ТИТУ лицейи ўәкиллери болып есапланады. 2025-жылдың ноябрь айынан
баслап сайланды командамызды таярлаў жумыслары алып барылды: тоғыз оқыў-шынығыў
жыйыны өткерилди, соның ишинде, Румыния ҳәм Қазақстанда халықаралық лагерлер
шөлкемлестирилди, жумысқа Румыния, Польша ҳәм Қазақстаннан тренерлер тартылды.
Сондай-ақ, таярлық бағдарламасына 18 жыллық тәжирийбеге ийе болған психологтың
басшылығындағы жәмәәтти психологиялық қоллап-қуўатлаў да киргизилди.
Өзбекстан ушын
"Санлы Өзбекстан - 2030" стратегиясының бир бөлеги - IOI 2026
өткерилиўи: мәмлекет IТ инфраструктурасын раўажландырмақта, “IT Park Uzbekistan”
арқалы тараў ушын жеңиллетилген салық режимлерин қолланбақта ҳәм жас халыққа
итибар қаратпақта - мәмлекеттиң 30 жасқа толмаған 60 проценттен аслам халқы.
Шөлкемлестириўшилер
Олимпиада мәмлекетке турнир шеңберинен тысқары нәтийже алып келеди, деп
есапламақта. IOI өткерилиўи Өзбекстанның санлы технологиялар ҳәм
билимлендириўди системалы раўажландырып атырған мәмлекет сыпатында халықаралық
абырайын беккемлеп, мыңлаған оқыўшыларды программаластырыў, математика ҳәм
басқа да STEM бағдарлары менен шуғылланыўға хошамет береди. Сондай-ақ, илаж
халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң
қәнигелери арасында тәжирийбе алмасыў имканиятларын ашады, 90 нан аслам
мәмлекеттен қатнасыўшы ҳәм делегациялардың келиўи Өзбекстанның туризм
потенциалын үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди - көплеген мийманлар ушын бул Орайлық
Азия менен биринши танысыў болады.
- Халықаралық
информатика олимпиадасында Өзбекстанымыздың абырайын қорғаў биз ушын үлкен
мақтаныш. Биз бул жарысқа узақ ўақыт таярлық көрдик ҳәм жеңиске ерисиў ушын бар
күшимизди жумсаймыз. Пүткил дүньядан келген қатнасыўшылар елимиз бенен
танысыўы, биз болса дүньяның ең күшли мектеп оқыўшылары менен жарысыў
имканиятына ийе болыўымыз оғада қуўанышлы", - деп пикир билдирди Өзбекстан
сайланды командасының қатнасыўшысы, IOI-2025 бронза медалының ийеси Улуғбек
Раҳматуллаев.
Мағлыўмат ушын:
Халықаралық информатика олимпиадасы (IOI) мектеп оқыўшылары арасында
программаластырыў бойынша ең ески ҳәм абырайлы халықаралық жарыс болып,
1989-жылдан берли ҳәр жылы өткерилип келинбекте. IOI-2026 Ташкентте турнирдиң
38-басылымы ҳәм Өзбекстан басшылық ететуғын биринши жарыс болады. Өзбекстан тәрепинен
олимпиада шөлкемлестириўшиси - Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар
министрлиги.