Компания үскенелери Бухара ўәлаятының Ромитан районында жайластырылады. NexaGrid 2025-жыл апрель айында Ташкент қаласында дизимнен өткерилген болып, устав капиталы 600 млн сумды қурайды.

NexaGrid басшысы Тоймурод Султоновтың атап өтиўинше, лицензияның алыныўы Орайлық Азияда келешектиң ашық-айдын ҳәм исенимли технологиялық инфраструктурасын жаратыў бойынша көп жыллық жумыслардың нәтийжеси болып есапланады. Оның сөзлерине бола, жойбар қысқа мүддетли пайда ушын емес, ал көпшилик ерте деп есаплаған санлы экономика ушын регионаллық базаны қәлиплестириў бойынша қәдем сыпатында жаратылған.

Экспертлердиң пикиринше, лицензияланған майнингтиң иске қосылыўы Өзбекстанда санлы секторды раўажландырыў ҳәм криптовалюталар базарын легалластырыўда әҳмийетли басқыш болады.

Еслетип өтемиз, 2023-жылдың гүзинде Истиқболли жойбарлар миллий агентлиги тәрепинен майнинг ушын рухсатнама бериў тәртиби тастыйықланған еди. Қағыйдаларға бола, криптовалюталарды табыў майнердиң өзиниң фотоэлектр станциясынан электр энергиясынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылыўы керек. Улыўма энергетика тармағына жалғаныўда өз алдына есаплағыш орнатыў талап етиледи. Рухсатнаманың әмел етиў мүддети - бес жыл.