Өзбекстанда шыпакерлер сиам егизеклерин ажыратыў бойынша өзине тән операция өткерди

    Саламатлық 9 қазан 2025 3424

    Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының Ташкент ўәлаяты филиалы тәрепинен Шыршық қаласында сиам егизеклерин ажыратыў бойынша бийбаҳа операция табыслы өткерилди.

    Ҳәмиледарлықтың 33-34 ҳәптесинде кесер кесиў жолы менен мүддетинен алдын туўылған балалар туўылғаннан кейин тоғыз саат өткеннен соң ажыратылды. Хирургиялық операция қыстаўлы түрде өткерилди ҳәм бес саатқа шамалас даўам етти.

    Бул операцияны Республикалық перинатал орайы жанындағы Неонаталь хирургия орайының басшысы, медицина илимлериниң докторы, профессор Бахтиёр Эргашев басшылығындағы жоқары маманлықтағы қәнигелер жәмәәти әмелге асырды.

    Денсаўлықты сақлаў министри Асылбек Худаяров медицина мәкемесинде болып, егизеклердиң жағдайы менен жақыннан танысты.

    "Бундай қурамалы операциялар барлық мәмлекетлерде де орынланбайды. Медицинасы раўажланған мәмлекетлерде де олар узақ таярлық ҳәм толық изертлеўлерди талап етеди. Аўыр туўма аномалияларға ийе сиам егизеклериниң регионаллық дәрежеде қыстаўлы түрде ажыратылыўы - бул жергиликли медицина раўажланыўдың жаңа басқышына шыққанының айқын тастыйығы", -деп атап өтти министр.

    Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшысының тапсырмасы менен операцияда қатнасқан бир топар шыпакерлерге "Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў хызметкери" көкирек белгилери тапсырылды.

    Ҳәзир егизеклердиң жағдайы қанаатландырарлы, деп баҳаланбақта. Ана ҳәм балалар үйге шығарып жиберилген.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates