Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў
министрлиги хабар берди.
Онда, тәжирийбе арттырыўды Мәмлекетлик бюджет есабынан
қаржыландырыў көлеми толық сақлап қалынады.
Әҳмийетлиси, енди қаржы ресурслары ваучер системасы
арқалы бөлистириледи, қаржылар орайға емес, тиккелей шыпакерге бириктириледи
ҳәм ол өзине керекли провайдерди өзи таңлайды. Бүгинги күнде бул тараўда 10
жоқары оқыў орны, 29 медицина орайы ҳәм 30 дан аслам жеке меншик провайдер
бәсеки тийкарында жумыс алып бармақта, келеси жылларда олардың саны 100 ден
артады.
Бул жумысқа АҚШтың үзликсиз медициналық билимлендириў
бойынша аккредитация кеңеси сыяқлы пүткил дүньяда тән алынған шериклер
тартылмақта. Қәнигелер Россия ҳәм басқа да сырт мәмлекетлерде стажировкадан
өтеди, 2030-жылға барып қамтып алыў 100 процентке, яғный 600 мыңнан аслам
медицина хызметкерине жетеди.