Варшавада Өзбекстан ҳәм Польша арасындағы тиккелей авиақатнаўларды көбейтиў перспективалары додаланды

    3 желтоқсан 2025 119

    Өзбекстан елшиси Польшаның «LOT Airlines» авиакомпаниясы президенти Михал Фьиол менен ушырасты.

    Ушырасыўда пуқаралық авиациясы тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, Шығыс Европа мәмлекетлери, атап айтқанда, Польшадан Өзбекстанға жолаўшылар ағымын және де арттырыў мәселелери додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Сәўбетлес Өзбекстан Польша ушын әҳмийетли туристлик ҳәм транзит жөнелисине айланып баратырғанын атап өтип, 2024-жыл март айында жолға қойылған ҳәм ҳәзирги ўақытта ҳәптесине 4 мәрте әмелге асырылып атырған "Варшава - Ташкент - Варшава" тиккелей авиақатнаўларына жоқары талапты қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

    Атап айтқанда, 2024-жылдың жуўмағы менен бул жөнелис бойынша 75 мыңнан аслам жолаўшы тасылғаны Орайлық Европа ҳәм Польша авиация базарында Өзбекстанға қызығыўшылық артып атырғанының айқын дәлили сыпатында атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates