"Вашингтонда кәсиплеслер менен биргеликте С5+1 платформасының он жыллығын белгиледик. АҚШ Мәмлекетлик хаткери Е.П.Марко Рубиоға шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдиремиз.
Биз бәршемиз Орайлық Азия ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы өз-ара пайдалы шерикликти алға қойып, саўда-инвестициялық байланысларды кеңейтпектемиз, сондай-ақ, регионаллық турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўға үлес қоспақтамыз.
Өзбекстан регионымызда тынышлық, абаданлық ҳәм улыўма раўажланыў жолында конструктивлик сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў бағдарындағы умтылысы исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлайды", - деп жазды Бахтиёр Саидов өзиниң Telegram-бетинде.











