Бул ҳаққында Washington Post хабар берди.
"АҚШ ҳүкимети Венесуэла Президенти Николас Мадуроны қолға алыў бойынша шемби күни әскерий әмелият ўақтында 75 ке шамалас адам, соның ишинде, оның Каракастағы резиденциясында жүз берген оқ атыўда онлаған адамлар қайтыс болған деп есапламақта", деди газетаға аты жәрияланбаған рәсмийлер.
Басылым дереклеринен бири қурбанлар санын кеминде 67 адам деп есаплаған. Басқа бир дерек болса 75 тен 80 ге шекем адам қайтыс болғанын айтпақта, деп хабар берди ria.ru.
WP мағлыўматларына бола, қурбанлар арасында Куба ҳәм Венесуэла әскерлери, сондай-ақ, тыныш халық ўәкиллери бар. Куба Президенти Мигель Диас-Канель Мадуроны қорғаўда қайтыс болған 32 мәмлекет пуқараларының естелигине еки күнлик миллий матам жәриялады.