Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында кешке қарай жамғыр жаўады, деп хабар берди Өзгидромет.

Шемби күни республика бойынша ҳаўа-райының турақсызлығы сақланып турады, айырым жерлерде жаўын-шашын, тийкарынан қар жаўады, бирақ оның интенсивлиги сезилерли дәрежеде азаяды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында усы күнлери жаўын-шашын болмайды.

Екшемби күни жаўын-шашын тоқтайды. Тек ғана түнги ҳәм азанғы ўақытларда Наўайы, Ташкент, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында бираз қар жаўады.

Жума күни ҳаўаның температурасы күндизги ўақытлары +5...+8 дәреже, шемби ҳәм екшемби күнлери 0...+5 дәреже болады. Түнги температура −3...+2 дәрежеге шекем төменлейди.

Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7−12 м/с, 16-январь күни айырым жерлерде 13−18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

Таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен қар жаўады, 16-январь күни айырым жерлерде күшли болады. Қар көшиў қәўпи бар.

Ташкентте жума күни ўақты-ўақты менен жаўын жаўыўы күтиледи, кеште қарға айланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы +6...+8 градус болады.

Шемби күни түнде ҳәм азанда жаўын-шашын (жаўын, қар), думан түсиўи мүмкин. Күндизги ўақытлары аз-маз қар жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз +1...+3 градус жыллы болады.

Екшемби күни түнде ҳәм азанда бираз қар жаўып, думан түсиўи мүмкин. Күндиз жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде -1гр суўықтан +1гр жыллы, күндиз -3гр суўықтан +5гр жыллы.