Дем алыс күнлери Өзбекстанда салқын болыўы күтилмекте

    17 қазан 2025 907

    18-октябрьден республикамызға арқа-батыстан салыстырмалы салқын ҳаўа массасы кирип келе баслайды. Ҳаўаның температурасы әсте-ақырын төменлей баслайды: 18-октябрь күни: күндиз +21...+26°, арқада +15...+20°; 19-октябрь: күндиз +18...+23°, арқада +13...+18°. Түнде +6...+11гр салқын, арқада +3...+8гр салқын болыўы күтиледи.

    "Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, улыўма, дем алыс күнлери жаўын-шашын болмайды.

    Тек ғана Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында 18-октябрь күни кеште айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин.

    19-октябрьде таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, жоқары таўларда қарға айланыўы мүмкин.

    Самалдың тезлиги 7-12 м/с.

    Ташкент қаласында ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

    Ҳаўаның температурасы: бүгин күндиз +25...+27гр; шемби күни +23...+25гр, екшемби күни +19...+21гр. Түнде температура әсте-ақырын +8...+10° қа шекем төменлейди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates