Қубла Кореяның Ульсан қаласында "Ферғана - Ульсан" бизнес форумы болып өтти

    Бизнес 16 қазан 2025 650

    Қубла Кореяның Ульсан қаласында еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған "Ферғана - Ульсан" бизнес-форумы болып өтти.

    Илажда Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Нуриддин Мамажанов, Саўда-санаат палатасының Ферғана ўәлаяты бойынша аймақлық басқармасының баслығы Шерзод Йўлдошев, Миграция агентлиги директоры Беҳзод Мусаев, Ульсан қаласы ҳәкиминиң орынбасары Ан Сон Дэ, Ульсан саўда-санаат палатасының баслығы Ли Ён Чхоль, сондай-ақ, еки тәрептиң исбилермен топарлары ҳәм жуўапкерлери қатнасты.

    Форум қатнасыўшылары Ферғанада басланып, Ульсан қаласында даўам еттирилген илаж экономикалық байланысларды беккемлеўде әҳмийетли басқыш болатуғынын атап өтти.

    Сөйлесиўлерде шерикликти кеңейтиў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды баслаў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў мәселелери көрип шығылды.

    Сондай-ақ, форум шеңберинде Ферғана ўәлаяты ҳәм Ульсан саўда-санаат палатасы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Ҳүжжетте бизнес орталығын раўажландырыў, исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, экономиканың түрли тармақларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

    Тәреплер бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм еки аймақ арасындағы исбилерменлик байланысларын жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин тастыйықлады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates