Бул ҳаққында хабардар дереклерге сүйенип, Axios хабар берди.

Олардан бириниң айтыўынша, келисим шеңберинде Minerven компаниясы Trafigura шийки зат трейдери Doreге 650 кг нан 1 мың кг ға шекем алтын қуймаларын бериўи керек.

Сөйлесиўшилердиң атап өтиўинше, Trafigura Америка ҳүкимети менен өз алдына келисим тийкарында АҚШтың қайта ислеў заводларына алтын жеткерип береди.

Сондай-ақ, басылымның дереклерине бола, сәршемби күни нефть ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыў имканиятларын додалаў ушын Венесуэлаға келген АҚШ ишки ислер министри Дуг Бергам алтын жеткерип бериў бойынша шәртнама дүзиўге жәрдем берген, деп жазбақта interfax.ru.