Венгриялы профессор ТМАУ ректорының халықаралық кеңесгөйи етип тайынланды

    Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде халықаралық илимий байланысларды беккемлеў ҳәм заманагөй аграр билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде Венгрияның МАТЕ университетиниң профессоры Золтан Лакнер ректордың халықаралық кеңесгөйи лаўазымына тайынланды.

    Тайынлаў мәресиминде университет ректоры Н.Обломурадов басшылығында профессор Золтан Лакнер университет жәмәәтине таныстырылды.

    Бул бирге ислесиў шеңберинде Венгрия ҳәм Европа Аўқамы жоқары билимлендириў мәкемелери менен академиялық байланысларды жолға қойыў, биргеликтеги билимлендириў ҳәм илимий бағдарламаларды ислеп шығыў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў, заманагөй технологиялар ҳәм инновациялық қатнасларды Өзбекстан аўыл хожалығы системасына интеграциялаў режелестирилген.

    Профессор Золтан Лакнер ТМАУ жәмәәти менен бирге ислесиўден қуўанышлы екенин билдирип, университет абырайын халықаралық дәрежеде және де жоқарылатыўда бар билим ҳәм тәжирийбесин жумсайтуғынын атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates