Мәмлекетимиз қорғаныў системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар әскерлердиң жаўынгерлик қәбилетин ҳәм әскерий-ҳәкимшилик секторлар жумысының нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Бул әскерий бөлимде де әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығы ушын барлық шараят жаратылған. Оқыў имаратлары, асхана, жатақхана, руўхый-ағартыўшылық ханалары, спорт қалашасы ең заманагөй техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленген.
Ҳәзирги ўақытта ҳәр қыйлы регионаллық келиспеўшиликлерде жасалма интеллект, роботлар, ракеталар, дронлар ҳәм оларға қарсы гүресиў қураллары кеңнен қолланылмақта. Соннан келип шығып, Жоқарғы Бас Сәркарда тәрепинен әскерлерде дронлардан пайдаланыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша жаңа бөлимшелер, жасалма интеллект пенен ислесиў бойынша кибер структуралар шөлкемлестириў, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныўда роботластырылған техника ҳәм қураллардан пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Бул бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылмақта, миллий армиямыз заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинленбекте.
Мәмлекетимиз басшысы әскерий бөлимде жаратылған шараятлар, әскерий техника ҳәм қурал-жарақлар, заманагөй ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў комплекслери менен танысты.
Миллий армияны раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеўде заманагөй қураллы соқлығысыўлардың өзгешеликлерин, қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерди ҳәм әскерий ҳәрекетлер майданының өзине тән өзгешеликлерин есапқа алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге Қураллы Күшлердиң потенциалын арттырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жеке қурамның таярлығын арттырыўға қаратылған ўазыйпаларды избе-из даўам еттириў бойынша тапсырмалар берилди.