Мәжилисте парламентлераралық байланысларды беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды, биргеликтеги жумыслардың тийкарғы бағдарлары келисип алынды ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа форматының перспективалары баҳаланды.
Тәреплер Парламентлераралық комиссияның шөлкемлестирилиўи Өзбекстан-Беларусь қатнасықларын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болғанын атап өтти. Жаңа механизм сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм гуманитарлық тараўларда системалы сөйлесиўди жолға қойыў, басламаларды муўапықластырыў ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў бағдарламаларын ислеп шығыў имканиятын береди.
Аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жергиликли ўәкилликли уйымлар арасындағы байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылды. Парламент ағзалары билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў, туризм ҳәм социаллық сиясат тараўларында жедел тәжирийбе алмасыў ҳәм жойбарларды биргеликте әмелге асырыў арқалы аймақлар бирге ислесиўдиң драйверине айланыўы мүмкин екенлигин атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының үшинши бизнес-форумы болып өткени, оның шеңберинде туризм, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жеңил санаат, машина қурылысы ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар бойынша секция мәжилислери өткерилгени жоқары баҳаланды. Форум исбилермен топарлардың әмелий бирге ислесиўден мәпдарлығын тастыйықлады.
Сондай-ақ, еки мәмлекет жаслар парламентлери арасында жедел бирге ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди, бул болса жас әўладқа нызам дөретиўшилигинде қатнасыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм дослық байланысларын беккемлеў имканиятын береди.
Мәжилис жуўмақлары бойынша парламентлераралық сөйлесиўди тереңлестириў, регионаллық байланысларды раўажландырыў, жәмийетшилик басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жасларды бул процесске тартыўға қаратылған биргеликтеги механизм ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўға келисип алынды. Комиссия жумысы Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы ҳәр тәреплеме шерикликти беккемлеўде әҳмийетли қуралға айланатуғыны атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









