Ўақыттың өтиўи менен хызмет көрсетиў ҳәм оңлаўға инвестициялардың жетерли болмағаны себепли мәмлекеттиң газ транспорты инфраструктурасы ескирди. Бул газ шығыўы ҳәм финанслық шығынларға алып келеди. Экспертлердиң есап-санақларына бола, зәрүр жумыслар исленбеген жағдайда 2030-жылға барып жоғалтыўлар 1,75 миллиард куб метр газге, яғный дерлик 228 миллион доллар муғдарында алынбаған дәраматқа жетип барыўы мүмкин.
Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Нажи Бенхасин газ жеткерип бериў системасының нәтийжелилигин арттырыў газ шығынларын азайтыў, халық ҳәм бизнести көбирек арзан энергия менен тәмийинлеў имканиятын беретуғынын атап өтти.
"Өзбекстанда газ шығыўларын сапластырыў механизмин жаратыў" жойбары Жәҳән банкиниң Global Flaring and Methane Reduction (GFMR) траст фонды қаржылары есабынан қаржыландырылады. Ол "Узтрансгаз" мәмлекетлик компаниясы тәрепинен басқарылып атырған газ жеткерип бериў тармақларындағы ағыўларды анықлаў ҳәм сапластырыўға қаратылған.
Жойбар шеңберинде 2029-жылға шекем ҳәр жылы 47,5 мың тоннаға шамалас газ шығыўының алдын алыў режелестирилген. Бул жылына дерлик 18 миллион доллар муғдарында қосымша ресурсларды үнемлеў ҳәм қаржылай пайда алыў имканиятын береди.
GFMR бағдарламасының басшысы Зубин Бамжидиң атап өтиўинше, газ инфраструктурасындағы ағыўларды сапластырыў мәмлекеттиң дәраматларын көбейтиў ҳәм энергетика қәўипсизлигин арттырыў менен бирге зыянлы шығындыларды азайтыў, сондай-ақ, қосымша жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.
Жойбар қаржылары заманагөй үскенелер сатып алыў, "Узтрансгаз" компаниясының қәнигелерин оқытыў, тәбийғый газдиң тийкарғы компоненти болған метан шығындылары бойынша халықаралық өлшем ҳәм есабат стандартларын енгизиўге қаратылады.