Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил елимиз ҳаял-қызларын 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Ойшыл бабамыз Әлийшер Наўайы уллы ана тулғасын, ҳүрметли ҳаял-қызларды улығлап, олардың бахыт-ығбалы жолында бәршемизди пидайы болыўға шақырғаны бийкарға емес, әлбетте.
Ҳақыйқатында да, мийрим-шәпәәт, уллылық, муҳаббат ҳәм садықлық сыяқлы жоқары инсаныйлық қәдириятларды камалға келтириўде, шаңарақ қорғанын беккемлеўде сизлердиң хызметиңизди ҳеш нәрсе менен салыстырып болмайды.
Бүгинги қутлы байрамның пайызлы Рамазан айында болып өтип атырғаны оның жақсы руўхы ҳәм мазмунын және де арттырмақта.
Муқаддес динимиз де ҳүрметли аналарымыз, дилбар апа-қарындасларымыз, гөззал қызларымызға бәрқулла жақсылық етиўди, олардың иззет-ҳүрметин орнына қойыўды буйырады.
Мине усындай қуўанышлы әййямлар бәршеңизге мүбәрек болсын!
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Кейинги жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеў, олардың қәдир-қымбатын улығлаў Жаңа Өзбекстанның мәмлекетлик сиясатында жетекши орынға қойылмақта.
Бүгинги күнде ҳүрметли ҳаял-қызларымыз ҳәр қыйлы тараў ҳәм тармақларда Ўатанымыздың жедел раўажланыўы ушын мүнәсип үлес қосып атырғанын миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Мәселен, 2017-жылы басқарыў тараўында хызметкерлердиң 20 процентин ҳаял-қызлар қураған болса, ҳәзирги ўақытта бул сан 35 процентке жетти. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 38 процентин, Сенат ағзаларының 27 процентин ҳаял-қызлар қурамақта.
Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыў ҳәм парламент жумысындағы қатнасы күшейгени жәмийетимиздиң раўажланыўына да унамлы тәсир етип атырғанын турмыстың өзи көрсетпекте.
Ең әҳмийетлиси, ақыллы, билимли ҳәм қәбилетли ҳаял-қызларымыз мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўларында үлги болмақта.
Өткен жылы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында мәмлекетимиз делегациясы қурамындағы спортшы ҳаял-қызлардан 3 алтын, 8 гүмис, 3 қола медалын қолға киргизгени тарийхымызда бурын болмаған нәтийже болды.
Қызларымыз мәденият ҳәм көркем өнер тараўында да Өзбекстан байрағын бәлент көтермекте. Өткен жылы мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы абырайлы халықаралық таңлаўларда 25, мәмлекет көлеминдеги көрик-таңлаўларда болса 71 қәбилетли қызларымыз жеңимпаз болғаны да соннан дәрек береди.
Мине, усындай ҳаял-қызларымыздың қатары кеңейиўи, қызларымыз дөретиўши әўлад болып ортаға шығыўы ушын келешекте оларға қосымша шараятлар жаратып беремиз.
Әлбетте, бундай кең көлемли жумысларымыз халықаралық көлемде ҳақылы түрде тән алынбақта.
Қәдирли ўатанласлар!
Бир ҳақыйқатты бәршемиз жақсы түсинип алыўымыз зәрүр. Ҳаяллардың тәшўиш ҳәм машақаты да, мойнындағы жуўапкершилиги де еркеклерге қарағанда бир қанша жоқары.
Үй-руўзыгершилик жумыслары ҳәм перзент тәрбиясынан артып, билим алып атырған, мийнет етип атырған ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлар, заманымыздың ҳақыйқый қаҳарманлары, десек, дурыс болады.
Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың аўырын жеңиллетиў, олар ушын барлық тараўларда зәрүр шараятларды жаратып бериў бәрқулла мәмлекетлик сиясаттың ең баслы бағдарларынан бири болып қалады.
Сонлықтан, жаңаланған Конституциямыздағы социаллық мәмлекет принципине муўапық, социаллық қорғаў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жаңаша шөлкемлестирмектемиз. Бул бағдарда ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлардың жағдайы үйренилип, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жәрдемге мүтәж 1 миллион ҳаял-қызларымыз "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилди.
Быйыл олардың ҳәр бири менен мәнзилли ислеп, майыплығы болған 162 мың ҳаял-қызға санатория, емлеўхана ҳәм өзлери жасап атырған мәҳәлледе медициналық жәрдем көрсетиледи, бағыўшысын жоғалтқан 130 мың ҳаял-қызға материаллық жәрдем бериледи, және 6 мың ҳаялдың турақ жай шараятлары жақсыланады, мийнетке жарамлы ҳәм жумыс излеп атырған апа-қарындасларымыз жумысқа жайластырылады.
Сондай-ақ, ҳәр жылы аўыр жағдайға түсип қалған 50 мың ҳаял-қыз мәмлекетимиздеги сулыў орынларға оқыў ҳәм дем алыў ушын жибериледи. Оларға психологиялық жәрдем көрсетилип, исбилерменлик көнликпелерин үйретиў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириледи.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қ.Рафиқов бул жумысларға басшылық етеди.
Ҳаял-қызлардың саламатлығы - ҳәр тәреплеме саламат ҳәм қүдиретли жәмийет тийкары болып есапланады.
Усы мақсетте елимиздеги 230 туўыў мәкемеси 21 мың ең заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленеди. Буннан тысқары, усы жылы 1,5 миллион ҳаял-қызда рак кеселлигин ерте анықлаў мақсетинде скрининглер өткериледи.
Ҳаял-қызлар арасында денетәрбия ҳәм спорт кеңнен ен жайып атырғаны жәмийетте саламат орталықты қәлиплестириўге үлкен түртки бермекте. Соның ушын, быйыл барлық мәҳәллелердеги 4 миллион ҳаял-қыз ғалабалық спорт жарысларына тартылады.
Биз бир әҳмийетли ҳақыйқатты турмысымыз қағыйдасына айландырыўымыз зәрүр. Ҳаял-қызлар саламат болса - шаңарақ беккем болады, оларда руўхый орталық, исшеңлик кейпияты жоқарылайды, келешекке исеним артады.
Бүгинги күнде елимизде 40 мың әне усындай шаңарақ ҳәммеге үлги болып атырғаны, өткен жылы олардың 208 и "Ибратлы шаңарақ" көкирек белгиси менен сыйлықланғаны бәршемизди қуўандырады.
Бир ғана мысал. Тошлоқ районындағы Қўзибоевлар шаңарағы 45 жыл даўамында ҳәммеге өрнек болып келмекте. Шаңарақ басшысы Муқаддамхон апа өмириниң 35 жылын жас әўладқа тәлим-тәрбия бериўге бағышлаған. Ол өмирлик жолдасы менен биргеликте фермер хожалығын да шөлкемлестирип, райондағы елиўге шамалас шаңарақты дәраматлы еткен.
Және бир тәрепине итибар бериңлер. Бул шаңарақ 30 дан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақты аталыққа алып, олардың перзентлерине ғамхорлық көрсетип, билим алыўы, кәсип-өнер үйрениўине жәрдем бермекте.
Мәҳәллелерде бәркамал әўладты тәрбиялаў ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде бизге мине усындай ибратлы шаңарақлар ийинлес болып киятырғаны ҳәр қандай жоқары итибарға ылайық.
Пурсаттан пайдаланып, Жаңа Өзбекстанның тымсалы болған мине усындай ибратлы шаңарақларға шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен.
Бундай шаңарақлар қанша көбейсе, Ўатанымыз сонша күшли, халқымыз сонша қүдиретли болады! Ибратлы шаңарақ - ибратлы ҳәм әдалатлы жәмийет ушын тийкар болады.
Әзиз апа-қарындаслар!
Бәршеңизге жақсы белгили, кейинги жыллары ҳаял-қызлардың сапалы билим алыўына айрықша итибар қаратып атырмыз.
Мен бир пикирди қайта-қайта айтыўдан ҳеш қашан шаршамайман.
Бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз. Егер шаңарақ билимли, ағартыўшы болса, жәмийеттиң санасы, мәдений дәрежеси де жоқарылайды.
Елимиздеги 203 жоқары оқыў орны студентлериниң 52 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурап атырғаны мине усы ийгиликли идеяның әмелий нәтийжеси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Өткен жылдың өзинде магистратурада оқып атырған 15 мыңға шамалас ҳаял-қызларға 100 миллиард сумға шамалас контракт пулы төлеп берилди.
Ҳәзирги ўақытта 6 мың 200 ден аслам ҳаял-қызлар илимий жумыс пенен шуғылланып атырғаны, илимий қолланбалардың 25 процентин илимпаз ҳаял-қызларымыз жаратып атырғаны да, жәмийетте олардың орны беккемленип атырғанынан дәрек береди. Олардың арасында халықаралық дәрежеде тән алынып атырған илим ўәкиллериниң бар екенлиги бәршемизге шексиз мақтаныш бағышлайды, жасларымызды жаңадан-жаңа жетискенликлерге ийтермелейди.
Мәселен, белгили микробиолог илимпазымыз Дилфуза Эгамбердиева шорланған топырақта жоқары зүрәәтли егинлер жетистириў бойынша алып барған илимий изертлеўлери ушын ЮНЕСКОның абырайлы Карлос Финлей халықаралық сыйлығына миясар болды.
Ҳаяллары оқымыслы ҳәм кәсип-өнерли болған елде тынышлық ҳәм раўажланыў болады. Ҳаяллары ағартыўшы болған халық әлбетте бахытлы болады.
Соның ушын, ҳәр бир шаңарақтағы қызларымыз бақша, мектеп пенен толық қамтып алыныўы, заманагөй кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин ийелеўи, жоқары мағлыўматқа ийе болыўы ушын буннан былай да барлық шараятларды жаратамыз. Атап айтқанда, быйыл 250 мың қызларымыз жоқары билимлендириўге қамтып алынады. Бул 2017-жылға салыстырғанда 3,5 есеге көп. Нәтийжеде ҳәр бир мәҳәлледен 25-30 ҳаял-қыз жоқары оқыў орынларында билим алыў имканиятына ийе болады.
Оның ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамова, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳ.Умарова ҳәр бир мектепте жоқары класста билим алып атырған қызларымыз бенен жумысты индивидуал қатнас тийкарында шөлкемлестирип, оларды жоқары оқыў орынларына таярлайды. Мине, усындай итибар себепли исбилермен ҳаял-қызларымыз өткен жылы 81 триллион сумлық өним жаратып, 450 миллион долларлық экспортты әмелге асырғаны, әлбетте, мақтаўға ылайық.
Мәселен, Наўайы қаласында кондитер ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыўшы исбилермен Шаҳноза Каримова 50 жәрдемге мүтәж ҳаял-қызды оқытып, жумысқа алған. Солардан 10 ына турақ жай сатып алыў ушын басланғыш төлемди төлеп берген.
Ең әҳмийетлиси, бундай сақаўатлы исбилермен ҳаял-қызлар барлық аймақларымызда көплеп табылады. Олар "Мен - дөретиўши ҳаялман" деген жойбарды алға қойып, мәҳәллелерде мыңлаған ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытып, дәраматлы етиў басламасын билдиргени, расы мени жүдә руўхландырды.
Мен өзине үлкен социаллық жуўапкершилик алған мине усындай исбилермен ҳаял-қызларды "Жаңа Өзбекстанның дөретиўши ҳаяллары" деп билемен ҳәм оларға терең миннетдаршылық билдиремен. Оларға қандай қосымша шараят ҳәм жеңилликлер керек болса, жаратып бериўге таярман.
Бул бағдардағы әмелий қәдем сыпатында Саўда-санаат палатасы жанында Исбилермен ҳаял-қызлар кеңесин шөлкемлестирсек, не дейсиз?
Бул кеңес орынларда ҳаял исбилерменлерди қыйнап атырған турмыслық машқалаларды шешиў бойынша тиккелей парламенттиң алдына мәселе қойса, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.
Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Нодира Шотурсунова бул жумысларға басшылық етеди.
Быйыл 2 миллион ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, соннан 1 миллион 300 мың ҳаял-қызды исбилерменликке тартыў бойынша үлкен шеклер алғанбыз. Буның ушын коммерциялық банклер тәрепинен ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ушын қолайлы финанслық пакетлер усынылады.
Мысал ушын, "Миллий банк" (басқарма баслығы А.Мирсоатов) хызметлер тараўында кеминде 200 мың ҳаял-қызлардың жойбарларына жәрдемлеседи. "Туронбанк" АКБ (басқарма баслығы Ч.Мирзаев) лимон жетистириўде 150 мың ҳаял-қызлар дәрамат табыўы ушын арзан кредитлер усынады.
Сондай-ақ, "Микрокредитбанк" АКБ (басқарма баслығы О.Бўтаев) қусшылықта - 160 мың, "Саноат қурилиш банк" АКБ (басқарма баслығы А.Акбаржонов) овош ҳәм нәллер жетистириўде - 160 мың, "Халқ банки" (басқарма баслығы Ш.Атабоев) жүзим, брокколи ҳәм жергиликли капуста жетистириўде - 150 мың, "Агробанк" (басқарма баслығының биринши орынбасарыЭ.Қаҳҳоров) бағшылық бағдарында - 144 мың, "Бизнести раўажландырыў банки" (басқарма баслығы С.Аннақличев) көк шөп, болгар бурышы, бақлажан ҳәм помидор жетистириўде - 94 мың, "Асакабанк" (басқарма баслығы Қ.Тўлаганов) фармацевтика ҳәм жүзим жетистириўде - 82 мың, "Алоқабанк" (басқарма баслығы К.Ирисбекова) IT, пал ҳәррешилик ҳәм мийўели егинлер жетистириўде 58 мың ҳаял-қызларымыздың бәнтлигине жәрдемлеседи.
Усы мақсетте быйыл мәҳәллелерде ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарлары ушын қосымша 3,3 триллион сум ажыратылады. Атап айтқанда, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде және 100 миллион доллар бериледи. Буған қосымша түрде коммерциялық банклер де 100 миллион доллар тартып, мәҳәллелерде өзин-өзи бәнт еткен ҳаял-қызларға 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер ажыратады.
Өткен жылы шөлкемлестирилген "Ҳамроҳ" компаниясы жаңа система тийкарында Исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасын баслаған еди. Бул жойбарға да 100 миллион доллар ажыратқанбыз.
Кредитин ўақтында төлеген ҳаял исбилерменлерге усы бағдарлама шеңберинде 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит бериўди баслаймыз.
Сондай-ақ, мәҳәлледе 5 ҳаялды бизнеске алып кирген 1 мың "устаз" исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем грант ажыратылады.
Орайлық банк (Т.Ишметов) коммерциялық банклер менен биргеликте еки ай мүддетте банклерде ҳаял-қызлар ушын жаңаша қатнас тийкарында финанслық хызметлерди жолға қойыў ушын жуўапкер болады.
Мәселен, туўыў дем алысына шыққан ҳаяллар ушын банк кредитлери бойынша төлемлердиң мүддети 10 айға шекем создырылады.
Енди ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша 4 басқышлы жаңа системаны жолға қоямыз.
Биринши басқышта бизнеске қызыққан, бирақ көнликпеси болмаған 20 мың ҳаял-қыз исбилерменликке оқытылады. Оған Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов, Н.Шатурсунова) жуўапкер болады.
Екинши басқышта "Халық банки" (Ш.Атабаев, Г.Рашидова) өзин-өзи бәнт еткен 100 мың ҳаялдың киши исбилермен болыўы ушын жәрдем береди.
Үшинши басқышта ҳәр бир районда 2 ден киши кәрхананы үлгили орта бизнес дәрежесине алып шығыўға "Ҳамроҳ" компаниясы (Д.Нурматова) жуўапкер болады.
Төртинши басқышта Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов) ең белсенди 50 исбилермен ҳаялды жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асатуғын "чемпион исбилермен"ге айландырады.
Усы жылы 60 районды "жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймақ"қа айландырыў бойынша үлкен шек алғанбыз. Буған қосымша түрде ҳәкимлер ҳәр бир ўәлаяттың 2 районын жумыссыз ҳаяллар қалмайтуғын аймаққа айландырыў ушын жуўапкер болады.
Улыўма, 2025-жыл ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде шешиўши жыл болады.
Ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў есабынан 2 миллион ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленеди.
Онда Орайлық банк (Т.Ишметов) коммерциялық банклер менен 1 миллион 300 мың, Кәсиплик аўқамлары федерациясы (Қ.Рафиқов) "Ҳаял-қызлар дәптери"не киргизилген 636 мың, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети (З.Маҳкамова) исбилерменлик етиў тилегинде болған 100 мың ҳаял-қызды оқытып, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм бизнесин ашыўға жәрдемлесиў ушын жуўапкер болады.
З.Маҳкамова, Қ.Рафиқов бүгин айтылған ҳәр бир бағдар бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ўәлаят, район, мәҳәлле дәрежесинде нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер болады.
Т.Норбоева жергиликли кеңеслер менен бирге бул жумысларды системалы қадағалаўға алып, жуўапкерлердиң қатнасыўында оларды турақлы додалап барады.
Ҳүрметли апа-қарындаслар!
Бүгинги күнде турмысымыз, адамлардың турмыс тәризи, пикирлеўи, дүньяқарасы ҳәм мәденияты барған сайын жоқарылап бармақта.
Алдымызға барлық тараў ҳәм бағдарларда оғада уллы мақсетлерди қоймақтамыз.
Оған ерисиў ушын биз сүйенетуғын жетик әўладты тәрбиялап, камалға келтириў сиз, әзизлердиң - пидайы аналардың қолында.
Соның ушын сиз, ҳүрметли ҳаял-қызларымызға үлкен алғыслар айтып, сизлерди қоллап-қуўатлаўдан ҳеш қашан шаршамаймыз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бүгинги байрам мүнәсибети менен мийнет жолында ҳәм жәмийетлик жумысларда үлкен нәтийжелерге ерискен, ел-халқымыз арасында ҳүрмет-итибарға ерискен ҳүрметли ҳаял-қызларымыздан бир топары мәмлекетимиздиң жоқары орден ҳәм медаллары менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, өзиниң билими, қәбилети ҳәм әдеби менен заманласларына үлги болып киятырған қызларымыздан 28 и түрли тараўлардағы жетискенликлери ушын Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды.
Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары бәршеңизге мүбәрек болсын!
Сизлерди өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, келеси жумысларыңызда үлкен табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.
Бәрқулла аман-есен болыңлар!
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли апа-қарындаслар!
Бүгин биз мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға, оның дөретиўшилик потенциалына исенип, баслаған үлкен реформаларымызды исенимли даўам еттириўимиз, жаңа басқышқа көтериўимиз керек.
Жанажан Ўатанымыздың жаңа раўажланыў дәўирин қурыўда әзиз ҳаял-қызларымыз бәрқулла алдынғы қатарда болады, деп исенемен.
Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық-аманлық, дүньядағы ең үлкен байлық - шаңарақлық бахыт яр болыўын тилеймен.
Бәрқулла перзентлериңиз ҳәм жақынларыңыз, ел-журтымыз ардағында жүриў несип етсин!









