Өзбекстан ҳәм Японияның өз-ара товар алмасыў көлеми 54 процентке артты

    Бизнес 4 қазан 2025 633

    2025-жыл 3-октябрь күни Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Японияның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Такаши Хатори менен әмелий ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланып, Өзбекстан ҳәм Япония арасындағы өз-ара товар алмасыўдың сезилерли дәрежеде өскени атап өтилди. Кейинги бес жылда бул көрсеткиш 54 процентке артып, мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўге салмақлы үлес қоспақта.

    Япония компанияларының Өзбекстан аймағындағы жумысына айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде елимизде Япония капиталының қатнасыўында 108 компания табыслы жумыс алып бармақта, олар санаат ҳәм энергетикадан баслап билимлендириў ҳәм технологияларға шекемги ҳәр қыйлы тармақларда жойбарларды әмелге асырмақта.

    Тәреплер Елши Хатори мәмлекетлераралық сөйлесиўди раўажландырыў, инвестициялық басламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, экономиканың әҳмийетли тараўларында ири жойбарларды алға қойыўға жедел жәрдем берип атырғанын жоқары баҳалады.

    Ушырасыў жуўмағында Лазиз Қудратов ҳәм елши Такаши Хатори өз-ара бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесине ерисилгенин атап өтип, келешекте Өзбекстан менен Япония арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм стратегиялық экономикалық байланысларды беккемлеўге исеним билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates