Халықаралық шериклер өз қутлықлаўларында мәмлекетимиз жетекшисиниң басшылығында Жаңа Өзбекстанда сиясий жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасы табыслы әмелге асырылып атырғаны, мәмлекеттиң дүнья көлеминдеги абырайын беккемлеўге хызмет ететуғын жедел, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат алып барылып атырғанын атап өтпекте.
Сырт ел жетекшилери Өзбекстан Президенти ҳәм көп миллетли халқына тынышлық-татыўлық, бахыт-ығбал, абаданлық, үлкен табыслар ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирмекте.
Соның ишинде, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш;
Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин;
Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин;
Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев;
Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров;
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон;
Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов;
Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов;
Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев;
Беларус Республикасы Президенти Александр Лукашенко;
Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян;
Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев;
Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған;
Япония Бас министри Сигеру Исиба;
Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди;
Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығының Бас министри Кир Стармер;
Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён;
Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси;
Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён;
Монголия Президенти Ухнаагийн Хурелсух;
Кувейт Мәмлекети Әмири Мишал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ;
Индонезия Республикасы Президенти Прабово Субианто;
Алжир Халық Демократиялық Республикасы Президенти Абдулмажид Теббун;
Испания Патшасы Филипп VI;
Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Патшасы Абдулла II;
Бруней Султаны Ҳожи Ҳассанал Балкиях;
Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббас;
Венгрия Президенти Тамаш Шуйок;
Латвия Республикасы Президенти Эдгарс Ринкевичс;
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлигиниң ҳәкими Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум;
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти Шайх Мансур бин Зоид Ол Наҳаён;
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаён;
ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле;
ХАЭА бас директоры Рафаэль Гросси;
Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Чжан Мин;
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы бас хаткери Сергей Лебедев;
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев;
Економикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Асад Хон;
Жәҳән банки президенти Ажай Банга;
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо;
Азия раўажланыў банкиниң президенти Масацугу Асакава;
Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң президенти Цзинь Лицюнь;
Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық фондының президенти Альваро Ларио.