Әсиресе, аналық ҳәм балалықты қорғаў, репродуктивлик саламатлықты беккемлеў бағдарындағы мәмлекетлик бағдарламалар унамлы нәтийжелерин бере баслады. Әлбетте, бул жетискенликлер халқымыздың саламат келешеги ушын қойылған беккем тырнақ болып есапланады. Халықаралық тәжирийбелер тийкарында системаны жетилистириў ҳәм мәмлекетимиз халқының маман медициналық хызметлерден пайдаланыўы ушын заманагөй қатнасларды енгизиў ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан.

Балаларға көрсетилип атырған медициналық хызметлер ҳаққында пикир жүргизгенде, бирлемши таллаўды, ең дәслеп, демографиялық көрсеткишлерден баслаў мақсетке муўапық. Мәмлекетимизде туўылыў көрсеткишлери турақлы жоқары дәрежеде сақланып келинбекте. Атап айтқанда, 2024-жылы 926 мың 400, 2025-жылы болса 879 мың 599 бала дүньяға келген. Елимиз халқының 32 проценттен асламын 18 жасқа шекемги балалар, 14 тен 30 жасқа шекемгилер болса дерлик 26 процентти қурайды.

Усы жерде 18 жасқа шекемги балалар ҳәм жас өспиримлер арасында ең көп ушырасатуғын кеселликлерге де тоқтап өтиўимиз зәрүр. Соның ишинде, қан ҳәм қан жаратыў ағзаларының кеселликлери (анемия) мектеп жасындағы балалардың дерлик 28,4 процентинде болып, бул көрсеткиш балалар арасындағы кеселлениў структурасында ең жоқары болып есапланады. Сондай-ақ, дем алыў ағзалары менен байланыслы, ас сиңириў ҳәм эндокрин системасы кеселликлери көп ушырасады.

Қәнигелердиң пикиринше, ҳәр жылы туўылыўлар саны дерлик бир миллионға жетип атырған бир ўақытта балаларға хызмет көрсетиўши шама менен 3 мың шыпакер жетиспейди. Балаларға қәнигели медициналық хызмет көрсетиўде системаға түсип атырған жүклемениң жоқарылығы хызметлердиң сапалы ҳәм нәтийжели болыўына тәбийғый түрде тәсир етпекте. Бундай демографиялық шараятта балалар медицинасына айрықша қатнас ҳәм итибар талап етилиўи тәбийғый.

Елимизде медицина кадрларын таярлаў ушын арнаўлы система жаратылған. Бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң 6 жыллық бакалавриат басқышында билим алған "Педиатрия иси" бағдарының питкериўшилери, яғный балаларға медициналық хызмет көрсететуғын кадрлар улыўма әмелият педиатри қәнигеси сыпатында жумыс алып барыўы мүмкин. Дипломнан кейинги билимлендириўде болса клиникалық ординатура ҳәм магистратура қәнигеликлери арқалы қәнигелескен тар тараў қәнигелери, яғный балалар хирурглары, кардиолог ҳәм кардиохирурглар, неврологлар, психиатрлар, стоматологлар ҳәм жуқпалы кеселликлер шыпакерлери таярланады.

Профессионал қәниге болыў медицина хызметкерлериниң клиник әмелиятты медицина базаларында - устазларының қадағалаўында өз бетинше әмелият өтеўи менен байланыслы. Буның ушын медицина жоқары оқыў орынларының клиникалық базалары бар болыўы ҳәм студентлер, әмелиятшылар клиникалық устазлары менен турақлы бирге болып, кеселликлерди диагнозлаў ҳәм емлеў процесслерин әмелий беккемлеўи әҳмийетли. Есап-санақларға бола, медициналық университетлерде 26 мыңға шамалас студент билим алып атырған болса, студентлер әмелий шуғылланыўы мүмкин болған стационарларда шама менен еки мың орын бар. Халықаралық стандартларда бул көрсеткиш, яғный студентлер әмелий сабақ өтиўи ушын бириктирилген койкалар саны қанша көп болса, сонша унамлы баҳаланады.

Соның менен бирге, кадрлар тәмийнаты мәселеси де ҳәр бир дәўирде турақлы жетилистирип барыў талап етилетуғын бағдарлардан бири болып келген. 2025-жыл жағдайына бола, республикамызда жәми 108 мыңға шамалас шыпакер жумыс алып барады. Яғный ҳәр 10 мың халыққа орташа 28,6 шыпакер туўра келеди. Педиатрлар болса системадағы ең үлкен топар болып, саны шама менен 18-19 мыңды қурайды. Бир қарағанда бул жетерли сыяқлы көринсе де, халық қурамында 11 миллионнан аслам бала бар екенлигин есапқа алсақ, тараўда қәнигелескен кадрларға талап жыл сайын артып баратырғанын бақлаймыз.

Халықаралық тәжирийбе ҒМДАның айырым мәмлекетлеринде әмелдеги система бүгинги жағдайымызға жақын екенлигин көрсетеди. Европа мәмлекетлеринде болса усыныс етилип атырған жаңа системаға сәйкес моделлер бар. Олар жақсы инфраструктура, жетерли маман кадрлар және билимлендириў процесин методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў арқалы өз имканиятлары ҳәм халықтың талапларынан келип шығып сапалы ҳәм нәтийжели системаларды қәлиплестирген.

Мәмлекетимизде де усы тенденцияларға тийкарланған ҳалда системаны және де муўапықластырыў ҳәм нәтийжели, халықшыл көриниске келтириў ушын бир қатар ҳәрекетлер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги күнлерде "Медицина ҳәм фармацевтика билимлендириўи тараўында кадрларды таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарар жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына усынылды. Бул ҳүжжет мәмлекетимиз медициналық билимлендириў системасын реформалаў, кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў ҳәм биринши медициналық буўынды беккемлеўге қаратылған.

Бирақ бул қарар жойбарында жәмийетшилик ҳәм қәнигелер арасында тартысларға себеп болып атырған мәселелерден бири жоқары билимлендириў мәкемелериндеги "Педиатрия" билимлендириў бағдарын айрықша қәнигелик сыпатында сақлап қалмаў ҳәм оны "Улыўма медицина" системасына бирлестириў режеси болып есапланады. Бул мәселе тек ғана билимлендириў сиясаты емес, ал миллет саламатлығы ҳәм демографиялық турақлылық көзқарасынан да оғада әҳмийетли. Қарар жойбарында медициналық билимлендириўди "5+1" форматына өткериў нәзерде тутылған. Бул модель 5 жыллық улыўма медициналық билимлендириў ҳәм 1 жыллық әмелият (стажировка)н өз ишине алып, тийкарғы мақсет сыпатында шаңарақлық шыпакерлер таярлаўға қаратылған.

Системада "Емлеў иси" ҳәм "Педиатрия" билимлендириў бағдарлары бирлестирилип, "Улыўма медицина" қәнигелиги қәлиплестирилиўи мүмкин. Нәтийжеде студентлер 1-курстан балалар медицинасына қәнигелескен ҳалда емес, ал барлық жас категориялары ушын улыўма таярлық көреди. Бир қарағанда бул универсалластырыў унамлы көринсе де, қәнигелердиң пикиринше, бул қатнас үлкен қәўиплерди келтирип шығарыўы итималдан жырақ емес. Атап айтқанда, балалар медицинасына ажыратылған саатлар қысқарады, неонатология, балалар физиологиясы, балалар кеселликлериниң пропедевтикасы ҳәм балалар фармакологиясы сыяқлы әҳмийетли бағдарларда билим тереңлиги төменлейди, ерте диагноз қойыў имканиятлары шекленеди. Бул болса кеселликлер аўырласыўы ҳәм стационарларға жүклемениң артыўына алып келиўи мүмкин.

Педиатрия өз алдына клиник мектеп есапланади. Сол себепли балалар кеселликлерин ерте басқышта анықлаўда педиатрлардың орны шексиз. Алдын алынған тәжирийбелер де буны тастыйықлайды. Мәселен, 1990 ҳәм 2000-жыллардың басында аўыллық шыпакерлик пунктлери ҳәм улыўма әмелият шыпакерлери системасы енгизилген, бирақ бул процесс балалар кеселликлерин кеш диагнозлаў, қурамалы жағдайлар санының артыўы ҳәм стационарларға артықша жүклеме сыяқлы машқалаларды келтирип шығарған.

Тап усындай жағдайлар басқа мәмлекетлерде де бақланған. Мысалы, Қазақстанда 2007-жылы педиатрия факультетлери сапластырылған ҳәм улыўма әмелият шыпакерлерин таярлаў системасына өтилген. Бирақ 10 жылдан соң - 2017-жылы педиатрия факультетлери қайта тикленди. Бул тәжирийбе балалар кеселликлерин анықлаў сапасының төменлеўи, ата-аналардың наразылығы, балалар емлеўханаларында кадрлар жетиспеўшилиги ҳәм балалар өлимшилиги көрсеткишлериниң артыўы сыяқлы себеплерге тийкарланған. Бул педиатрияны улыўма медицина менен толық алмастырыў ҳәр қашан да нәтийже бермейтуғынынан дерек береди.

Ҳәзирги ўақытта тараўдағы машқалалар пуқаралардың мүрәжатларында да өз көринисин таппақта. Атап айтқанда, дюшенн булшық ет дистрофиясы менен кеселленген балалардың ата-аналары тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына бир неше мәрте мүрәжат етилген. Бул мүрәжатлар тар қәнигелик шыпакерлердиң жетиспеўшилиги, дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеўдеги үзилислер, реабилитация ҳәм паллиатив жәрдем мәселелерин өз ишине алады.

Жаңа шаңарақлық шыпакерлик билимлендириў бағдарын енгизиў зәрүр. Бирақ орынларда бул бағдар ушын толық шараят ҳәм инфраструктура жаратылмастан бурын әмелдеги системаны асығыслық пенен бийкарлаў мақсетке муўапық емес. Керисинше, педиатрия ҳәм емлеў иси билимлендириў бағдарларын сақлап қалған ҳалда жаңа билимлендириў бағдары бойынша оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, оған студентлерди таңлаў (сынақ) тийкарында қабыл етиў ҳәм питкериўшилердиң жумысын әмелий жақтан үйрениў зәрүр деп есаплаймыз.

Тек соннан кейин ғана, яғный жаңа система әмелде өзин ақласа, унамлы нәтийжелер берсе ҳәм бар билимлендириў бағдарларына салыстырғанда үстинлиги дәлилленсе, педиатрия ҳәм емлеў иси билимлендириў бағдарларын басқышпа-басқыш усы шаңарақлық шыпакерлик системасына муўапықластырыў мүмкин. Бул қатнас, бир тәрептен, бүгинги күнде педиатрия ҳәм емлеў иси тәлим бағдарларында билим алып атырған студентлердиң оқыў процеси үзликсиз даўам етиўин тәмийинлейди, екинши тәрептен, жаңа системаның нәтийжелилигин әмелде сынақтан өткериў имканиятын береди.

Қәнигелердиң пикиринше, бундай реформалар кеминде 10-15 жыллық өтиў дәўирин талап етеди. Усы ўақыт даўамында оқыў бағдарламалары қайта ислениўи, оқытыўшылар қайта таярланыўы, клиникалық база беккемлениўи ҳәм еркин баҳалаў системасы енгизилиўи керек. Ҳәр қыйлы әмелий тәжирийбелерди де сынақтан өткериў имканияты бар. Мәселен, ҳәр 3 шаңарақлық шыпакер бригадасына 1 педиатр-консультант бириктириў моделин енгизиў мүмкин. Бул арқалы қыйын жағдайларды педиатр көреди, шаншыў ҳәм профилактикалық қадағалаў күшейеди және шаңарақлық шыпакерлер ушын методикалық жәрдем тәмийинленеди.

Медициналық билимлендириўди реформалаў, әлбетте, зәрүр процесс. Бирақ ҳәр қандай медициналық реформаларда тийкарғы өлшем наўқас қәўипсизлиги, әсиресе, балалар саламатлығы болыўы керек. Демография, балалар үлесиниң үлкенлиги ҳәм педиатрларға өсип баратырған жоқары талаптың шараятында педиатрия билимлендириў бағдарын толық бийкарлаў ямаса оны улыўма медицинаға кескин қосып жибериў үлкен қәўиплерди келтирип шығарыўы мүмкин. Соның ушын қарар жойбарын додалаў процесинде педиатрия билимлендириў системасын сақлап қалыў, шаңарақлық медицина менен үйлескен аралас моделди енгизиў ҳәм реформаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратыў мақсетке муўапық. Себеби, балалардың саламатлығы тек ғана медицина тараўы емес, ал миллет келешеги мәселеси болып есапланады.

Севара УБАЙДУЛЛАЕВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты