Байрам мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық аудиторияларында сабақлар мәмлекетлик гимнниң атқарылыўы менен басланды,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Институттың киши мәжилислер залында сәнеге арналған ушырасыў ҳәм үгит-нәсият илажы болып өтти.
Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Реймов алып барды.
Ушырасыўда миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының үлкен оқытыўшысы Д.Бекимбетова дүнья мәмлекетлери гимнлериниң пайда болыў тарийхы, бир-биринен өзгешеликлери, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимниниң дөрелиў тарийхы, бүгинги күндеги әҳмийети, бул бойынша нызамшылықта белгиленген нормалардың мазмуны ҳаққында студент-жаслар ҳәм қатнасыўшыларға кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, дүньядағы ҳәр қандай ғәрезсиз мәмлекет өзиниң мәмлекетлик нышанларына, соның ишинде, мәмлекетлик гимнине ийе. Гимн ҳаққында сөз болғанда, дәслеп оның мәнисине дыққат аўдарыў керек болады. «Гимн» сөзи грекшеден алынған болып, дәстүрий характердеги қосықты салтанатлы түрде атқарыў мәнисин аңлатады. Сол себепли, бул атқарыўда халықтың азатлығы, еркинлиги жырланған. Гимн айтылғанда мәмлекет байрағы желбиреп, халықты толқынландырады. Солай екен, мәмлекетлик белгилер – герб, байрақ ҳәм гимн халықтың, мәмлекеттиң бирлигин, аўырбиршилигин аңлататуғын символлардың бири болып табылады.
Илажда студентлер де сөзге шығып, мәмлекетлик гимн жасларда ўатанға муҳаббат, бай тарийхымызға, миллий өзлигимизге терең ҳүрметти қәлиплестириўде, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме кәмил ҳәм жетик инсанлар болып жетисиўинде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.