Жарыста жоқары оқыў орынларының студентлери, улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, әскерий хызметкерлер, майыплығы болған пуқаралар, сондай-ақ, 7 жастан 70 жасқа шекемги халық ўәкиллери белсене қатнасты.
Қызықлы өткен жарыслар жуўмағында, әскерий хызметкерлер арасында биринши орынды С.Тлеўимбетов, студентлер арасында Э.Базарбаева, оқыўшылар арасында Б.Кенжебаев ҳәм әпиўайы халық ўәкиллери арасында С. Шукуруллаева жеңип алыўға миясар болды.
-Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет – экологиялық турақлылық, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, турақлы келешекке биргеликте ҳәрекет етиў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға бағдарлаўдан ибарат болды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги бөлим баслығы Икрам Қудияров.
Сондай-ақ, жарыс соңында физикалық имканияты шекленген пуқаралар, жарыста сыйлы орынларды ийелегенлер ҳәм жасы үлкен нуранийлер де шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.