Агентлик директоры ең дәслеп Нөкис қаласында жайласқан 10-санлы «Нурлы мәскан» қәнигелестирилген мектеп-интернатында болып, Президентимиз қарары тийкарында 6 млрд 966 млн сумлық капитал реконструкция жумыслары жүргизилген қосымша оқыў имаратының ашылыў мәресимине қатнасты ҳәм мектеп жәмәәтине өзиниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Илажда агентлик директоры М.Оллоёров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б. Утемуратов пенен бирге, оқыў дәргайында оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, мектеп-интернатында оқып атырған оқыўшылар ҳәм оларға тәлим берип атырған педагог-тәрбияшылар, «Жолшылар» мәкан пуқаралар жыйынының мәҳәлле жетилиги менен жақыннан сәўбетлести.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бүгинги күни бул мектеп-интернатында 251 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта ҳәм Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында мектепке қосымша оқыў имараты ҳәм спорт залы жаңадан қурып берилди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллаёров социаллық қорғаў бағдарында исленип атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде, Шымбай районына барды.

Сапар даўамында ол республикамыздағы тараў басшылары ҳәм райондағы жуўапкер хызметкерлер менен биргеликте, майыплығы болған ерлер ушын арналған «Мүриўбет үйи» жумысы менен танысып, қәнигелердиң пикир-усынысларын тыңлады.

Сондай-ақ, сапар даўамында Мансурбек Оллоёров усы райондағы «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында Гүлистан ҳәм Темир жол гүзары мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, аймақ турғынларының машқалаларын ҳәм усынысларын тыңлады. Усы аймақтағы социаллық хызметкерлер Алия Қарманбаева ҳәм Жеткер Жаббарбергенов пенен сәўбетлесип, олардың жумысы менен танысты.

Соның менен бирге, агентлик директоры М.Оллаёров усы райондағы 43-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген коррекцион ҳәм инклюзив класслардың жумысы менен танысып, бул жерде тәлим алып атырған оқыўшылардың ата-аналар менен сәўбетлести.

Буннан соң райондағы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызметин шөлкемлестириў нийетинде болған исбилермен менен ушырасып, бул жерде балалар ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди ҳәм өз усынысларын айтты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесииниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.