Сапар даўамында қәнигелер созылмалы бас мий қан айланыў жетиспеўшилиги болған наўқаслар, ишемик инсульт ҳәм миокард инфарктин өткерген, гипертония кеселлиги менен аўырған наўқасларды бийпул тексериўден өткерип, тийисли көрсетпелер берди.
Ҳәзирги ўақытта олар тәрепинен басланғыш буўындағы шыпакерлерге жоқарыдағы кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў (профилактикасы) темасында семинар-тренинг өткерилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.