Шөлкемлестириўшилер - Қытайдың Инсан ҳуқықларын раўажландырыў қоры (China Foundation for Human Rights Development, CFHRD) ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы.

 

Форумда Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң инсан ҳуқықлары тараўындағы өз-ара бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарлары көрип шығылады. Раўажланыў ҳуқықын жүзеге шығарыў мақсетинде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың абаданлығын жақсылаў бойынша жойбарларды әмелге асырыў, экологияны қорғаў, жасыл раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў, инсан ҳуқықларының раўажланыўына жәрдемлесетуғын санлы интеллектуаллық технологияларды алға қойыў сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиў перспективалары додаланады.

 

Додалаўларда Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы эксперт, илимий, мәмлекетлик ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасады. Жәми 100 ге шамалас (40 сырт ел ҳәм 60 миллий) қатнасыўшы қатнасыўы күтилмекте.

 

Төртинши форум "Жоқары сапалы раўажланыў арқалы инсан ҳуқықлары тараўындағы раўажланыўды биргеликте алға қойыў" темасына бағышланады.

 

Буннан алдын биринши форум - 2023-жыл 12-сентябрьде Пекин қаласында, екинши форум - 2025-жыл июнь айында қоңсы Қазақстанның Астана қаласында ҳәм үшинши форум - 2025-жыл июль айында Қытайдың Сиан қаласында болып өткен.

 

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы

Миллий орайының баспасөз хызмети.