Жақында Астана қаласында болып өткен "Қытай - Орайлық Азия" екинши саммитинде Сиз бенен сөйлесиўлер өткерип, Қытай менен Өзбекстан арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын ҳәр қандай шараятта да жаңа дәўирде раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын белгилеп алдық.
Мен Қытай-Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратаман ҳәм арамызда қәлиплескен нәтийжели әмелий байланыслар ҳәм дослықты жоқары қәдирлеймен. Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Тяньцзин саммитинде және Қытай халқының япон басқыншыларына қарсы урысындағы Жеңиси ҳәм Фашизмге қарсы жәҳән урысындағы Жеңисиниң 80 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасып атырғаныңыз мүнәсибети менен Сизди Қытайда қутлықлаўдан қуўанышлыман.
Сизге беккем денсаўлық ҳәм абаданлық тилеймен!
Си Цзиньпин,
Қытай Халық Республикасы Баслығы








