Ҳүрметли Президент Мырза!
Қытай календары бойынша Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўыңыз ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен.
Өзбек халқының дәстүрий Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан Сизге, Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқына қызғын қутлықлаўларымызды жеткермекшимен.
Мың жыллық тарийхқа ийе Наўрыз бәҳәр келиўи ҳәм тәбияттың ояныўын сәўлелендирип, өзбек халқының бахытлы турмысқа, ел-журт бирлиги ҳәм раўажланыўына умтылысын сәўлелендиреди.
Өткен жылы июль айында Астанада болып өткен ШБШ саммити шеңбериндеги қызғын ҳәм дослық руўхындағы ушырасыўымызда Қытай-Өзбекстан қатнасықлары ҳәм ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша әҳмийетли келисимлерге еристик, еки тәреплеме байланыслардың жаңа бағдарларын белгилеп алдық.
Ерисилген келисимлеримиз нәтийжели әмелге асырылып атырғаны, еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў избе-из беккемленип, итибарға ылайық нәтийжелер берип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемен.
Мен Қытай-Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен әҳмийет беремен ҳәм жақын дослығымызды жоқары қәдирлеймен.
Сиз бенен биргеликте барлық тараўлардағы бирге ислесиўди алға қойыў, Қытай ҳәм Өзбекстанның бирден-бир тәғдир жәмийетшилигин қурыў жумысларын байытыў ушын ҳәрекет етиўге таярман.
Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели Мырзаға беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, мәмлекет басшысы сыпатындағы жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Си Цзиньпин,
Қытай Халық Республикасы Баслығы