Хийўа National Geographic таллаўы бойынша 2026-жылдың ең жақсы туристлик мәнзиллер дизиминен орын алды

    Туризм 22 қазан 2025 587

    "National Geographic" журналы Хийўаны 2026-жылы саяхат етиў ушын ең жақсы мәнзиллер дизимине киргизди. Рейтинг ҳәр жылы планетамыздың ең илҳамландырыўшы орынларын таңлап алатуғын басылым редакторлары, фотографлары ҳәм изертлеўшилери тәрепинен дүзиледи.

    Хийўа ашық аспан астындағы қала музейи ең өзине тән ҳәм тартымлы бағдарлардан бири сыпатында тән алынған. ЮНЕСКОның Дүнья мийрасы дизимине киргизилген "Ийшан қала" қорғанында туристлер күн даўамында геометриялық нағыслы пенен қапланған әййемги минаралар ҳәм медреселер арасында сейил етиўи, ағаш үстинли мешитлер ҳәм Хийўа ханларының саўлатлы сарайларын зыярат етиўи мүмкин.

    Бирақ Хийўа тек ғана архитектурасы ҳәм тарийхы менен белгили емес. Қала заманагөй туризм инфраструктурасын жедел раўажландырмақта. Аквапарк ҳәм амфитеатрды өз ишине алған жаңа Арда Хийўа дем алыў орайы бай мәдений мийрас пенен заманагөй қолайлылықты бирлестирип, Хийўаны шаңарақлық дем алыў ушын да тартымлы етпекте.

    Хийўаның мәдений турмысы жарқын ўақыяларға бай. Бул жерде жыл даўамында Халықаралық лазги аяқ ойыны фестивальы, Палўан Маҳмудты еске алыў бойынша палўанлар жарысы, "Қаўын сейили" түрли реңдеги қаўын фестивалы өткериледи. Бул илажлар әййемги қаланы тек ғана тарийхый дүрданаға емес, ал 2026-жылдың өзинде-ақ барыўға арзыйтуғын жедел, жанлы жөнелиске айландырады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates