Хожели районына бириктирилген ўәкил Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры Иброҳим Эргашев райондағы бир қатар мәҳәллелерде болып, халықтың турмыс тәризин ҳәм жасаў шараятларын үйренди.
Райондағы аўыр аймаққа кирген Күн нуры, Саманкөл, Қумжыққын ҳәм Әмиўдәрья мәҳәллелериниң турғынларына жақыннан жәрдемлер көрсетилип, бүгинги күнге шекем 50 мыңнан аслам шийе нәллери тарқатылып, егиў жумыслары қызғын даўам етпекте. Үйрениў даўамында республикадан бириктирилген ўәкил И.Эргашев ҳәм район ҳәкими Ж.Ермашев тәрепинен күни кеше район аймағында егислик жерлердиң сапасын еле де жақсылаў мақсетинде 13 дана миникультиватор, 1100 данадан бел, кетпен, шелек сыяқлы жумыс қураллары бийпул тарқатылды. Буннан тысқары мәҳәллелердеги ыссыхана хожалықларын раўажландырыў бағдарында ҳәр бир мәҳәллеге 100 данадан ыссыханаларды қурыў режелестирилип, қурылыс жумыслары баслап жиберилди ҳәм оларға тәжирийбели қәнигелер бириктирилди.
Коллектор-дренаж, жап-салма бойларында арнаўлы техникалар менен тазалаў жумыслары әмелге асырылып, изейкешлердиң жағалары үйрекшилик пенен шуғылланыўды қәлеўши пуқараларға бөлип берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.