Суўық антициклон күшейип, ҳаўа сапасы төменлеўи даўам етпекте - арнаўлы комиссия

    1 желтоқсан 2025 322

    Арнаўлы комиссия соңғы күнлерде Өзбекстан аймағында суўық антициклон тәсири күшейип атырғаны ҳәм бул процесс 5-декабрьге шекем даўам етиўи күтилип атырғаны ҳаққында хабар берген еди.

    Атап өтилиўинше, 29-ноябрьден баслап суўық антициклон күшейиўи даўам етпекте, бул болса ҳаўа басымының көтерилиўине ҳәм ҳаўа температурасының төменлеўине алып келмекте. Нәтийжеде түнде суўық, күндиз болса бираз жыллы ҳаўа райы бақланады. Суўық антициклонлар ушын тән болған таңғы думанлардың пайда болыў итималы артады. Узақ мүддетли инверсия ҳаўадағы шаң, түтин ҳәм майда дисперсли бөлекшелер концентрациясының артыўына, атмосфераның тазаланыўын пәсейтиўши қойыў думанлардың пайда болиўина жәрдем береди.

    Соның менен бирге, кейинги күнлерде ҳаўа сапасына тәсир етиўши факторларды азайтыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Арнаўлы комиссия тәрепинен Ташкент қаласы ҳәм оның әтирапында рейд илажлары әмелге асырылмақта.

    24-28-ноябрь күнлери өткерилген илажлардың нәтийжелери бойынша:

    Ыссыханалар:

    жәми 1 449 ыссыхана үйренилген;

    олардан алпыс жетисиниң жумысы тоқтатылған;

    403 шахсқа ҳәкимшилик баяннамалар рәсмийлестирилген;

    19 хожалыққа газ тармақларына жалғаныў ушын техникалық шәртлер берилди.

    Қурылыс объектлери:

    Ташкент қаласында жәми 53 нызамсыз қурылыс объекти анықланған;

    34 объекттиң жумысы ўақтынша тоқтатылған;

    атмосфера патасланыўы бойынша 186 протокол дүзилген;

    188 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған;

    51 объектте суў бүркегишлер орнатылған.

    Автотранспорт:

    Ашық ҳалда жүк тасыған 837 ҳәм шығынды нормасын бузған 206 айдаўшы жәриймаға тартылған.

    Қосымша экологиялық илажлар:

    77 көше ҳәм 165 жәмийетлик орын ығалланды;

    121 км салмалар тазаланған;

    126 фонтан пайдаланыўға тапсырылды;

    Ташкент ўәлаяты дәрьяларында қум-шебен араласпасын нызамсыз қазып алыў бойынша 54 жағдай анықланған.

    Бул комплексли илажлар нәтийжесинде ҳаўаның патасланыў дәрежеси төменледи:

    24-ноябрь - 171 мкг/м3 РМ2,5.

    25-ноябрь - 152 мкг/м3.

    26-ноябрь - 140 мкг/м3.

    27-ноябрь - 111 мкг/м3.

    28-ноябрь - 97 мкг/м3.

    Бирақ, даўам етип атырған суўық антициклон шараятында инверсияның күшейиўи ҳәм ҳаўада майда бөлекшелердиң топланыўы бақланады. Бул процесс тәбийий метеорологиялық қубылыс болып, атмосфераның тазаланыўын төменлетеди.

    Тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен тек ғана қысқа мүддетли емес, ал узақ мүддетли қарарлар үстинде де системалы жумыс алып барылмақта. Арнаўлы комиссияның жумысшы топары тәрепинен атмосфераға зыянлы шығындылар шығарыў дәреклерин анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша күни-түни рейд илажлары өткерилмекте.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates