"Хорезм - даңқлы тарийхымыз бенен жаңа реформаларымыз тутасқан кесилиспе" - Шавкат Мирзиёев

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Хорезм ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларына бағышланған мәжилис басланды.

    "Хорезм - даңқлы тарийхымыз бенен жаңа реформаларымыз тутасқан кесилиспе, десек қәте болмайды. Логистика шынжырларынан узақта, тәбийғый ресурслары шекленген бул аймақта өткен жылы "Киши ҳәм орта бизнес жылы" болды, деп айтыў ушын барлық тийкарларымыз бар", - деди мәмлекетимиз басшысы.

    2024-жылы ўәлаятта 7 мың жаңа исбилермен жумыс баслады, 47 кәрхана кишиден ортаға өтти, 10 нан аслам исбилерменниң айланысы 200 миллиард сумнан артты. Булардың есабынан ўәлаятта бир жыл ишинде 290 мың халық жумыслы болды.

    Бирақ үлкен өзгерислерге қарамастан ўәлаятта кәмбағаллық еле де 12 процент әтирапында екени, 45 мың пуқара жумыссыз екени, айланысы 1 триллион сумнан асқан тек ғана 1 кәрхана бар екени атап өтилди.

    Сонлықтан, ўәлаят басшысы, 13 район ҳәкими ҳәр бир имканиятты жойбарға айландырып, жаңа жумыс орынларын жаратыў, санаат, сервис, туризм, аўыл хожалығы, экспорт потенциалын және де арттырыў, социаллық тараў ҳәм инфраструктурадағы машқалаларды шешиў ушын исеним ҳәм жуўапкершилик пенен ҳәрекет етиўи шәрт екенлиги көрсетип өтилди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates