Хорезм ўәлаятының салы жетистириўшилери қосымша субсидиялар алады

    19 ақпан 2025 1043

    Заманагөй салы сеялкалары ҳәм интенсив егиў үскенелери ушын субсидия алыўшы олардан кеминде 3 жыл даўамында мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўы шәрт.

    Министрлер Кабинетиниң 17.02.2025-жылдағы 97-санлы қарары менен салы жетистириўшилерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары белгиленди.

    Төмендегилер белгиленди:

    Хорезм ўәлаятындағы салы жетистириўшилерге лазер қурылмасына ийе жер тегислеўши агрегат пенен тегисленген ҳәр бир гектар егислик майданына жумсалған жанылғы-майлаў материаллары баҳасының 100 проценти, бирақ 1 млн сумнан артық болмаған бөлеги қаплап бериледи;

    2025-2026-жылларда ислеп шығарыўшыдан сатып алынған (сатып алынған күннен бир жылдан аспаған) жергиликли ямаса импорт заманагөй салы сеялкалары ҳәм интенсив егиў техникасы баҳасының 20 процентин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратылады.

    Хорезм ўәлаятының ҳәр бир районында салыкешлерге лазерли тегислеў үскенеси жәрдеминде тегисленген ҳәр бир гектар егислик майданы ушын жанылғы-майлаў материалларына, сондай-ақ, салы сеялкаларын сатып алыў ушын субсидиялар ажыратыўда жәрдем көрсетиў мақсетинде районлық жумысшы топар шөлкемлестириледи.

    Атызды лазерли тегислеў үскенеси менен тегислегеннен соң салыкешлер 5 жумыс күни ишинде жанылғы-майлаў материаллары қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў ҳаққындағы арза менен "Агросубсидия" АЖ арқалы районлық жумысшы топарға мүрәжат етиўи керек. Районлық жумысшы топар ҳүжжетлерди 5 күн ишинде көрип шығады ҳәм жуўмақ береди.

    "Өзагроинспекция" Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте жуўмақ алынған күннен баслап үш жумыс күни ишинде субсидиялар ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етеди.

    Заманагөй салы сеялкалары ҳәм интенсив егиў үскенелери ушын субсидия алыўшы олардан кеминде 3 жыл даўамында мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўы шәрт.

    Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

    2025-2026-жылларда Хорезм ўәлаятында салы жетистириў менен шуғылланыўшы аўыл хожалығы субъектлерине лазер қурылмасы менен үскенеленген тегислеў қурылмасынан пайдаланған ҳалда жерлерди тегислеў бойынша қәрежетлерди қаплаў ушын субсидиялар бериў тәртиби ҳаққындағы ўақытша реже;

    2025-2026-жылларда сатып алынған заманагөй салы сеялкалары ҳәм интенсив егиў техникасы баҳасының бир бөлегин қаплаў тәртиби ҳаққындағы ўақыта реже.

    Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 18.02.2025-жылдан күшке кирди.