Аўыл хожалығы министрлиги системасы жуўапкерлери, Ташкент ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары және районлардың басшылары ҳәм кластерлерден ибарат делегация Малайзияда хызмет сапарында болды.
Сапар даўамында ақыллы аўыл хожалығы технологиялары ҳәм дронлар ислеп шығарыў, салы жетистириў, балықшылық, каучук жетистириў, мийўе-палыз ҳәм жипек өнимлерин экспорт етиў сыяқлы бағдарларда әмелий бирге ислесиў жумысларын баслаўға келисип алынды.
Атап айтқанда, Мерақуэ компаниясы менен биргеликте Ташкент ўәлаятының Янгийўл районындағы Аўыл хожалығын механизацияластырыў илимий-изертлеў институты аймағында ақыллы аўыл хожалығы техникалары ҳәм дронларды локализация еткен ҳалда ислеп шығарыў бойынша келисимге қол қойылды.
Буннан тысқары, Малайзия Аўыл хожалығы изертлеўлерин раўажландырыў институты ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар орайы арасында қол қойылған келисим тийкарында Малайзиялы селекционер илимпазлар тәрепинен жаратылған шорға ҳәм суўсызлыққа шыдамлы, қара, узын ҳәм ароматикалық салы сортларын Өзбекстанда тәжирийбе сыпатында егип көбейтиў ушын туқымлар алып келинеди. Соның менен бирге, Өзбекстанда жетистирилген "Девзира" салы туқымлары Малайзияға жибериледи.
Малайзия Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги министрлигиниң Балықшылық департаменти ҳәм "Өзбекбалықсанаат" ассоциациясы менен биргеликте Өзбекстанда Малайзияның жаңа технологиялары тийкарында интенсив балықшылық, биофлок ҳәм креветка жетистириў жойбарлары жолға қойылады.
Малайзия Аўыл хожалығы маркетинг агентлиги менен бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы Өзбекстанда жетистирилген мийўе-палыз ҳәм жипек өнимлерин экспорт етиў жолға қойылады.
Буннан тысқары, Малайзияның Жаким шөлкеми менен биргеликте Өзбекстанлы фермерлер ҳәм исбилерменлер ушын Ҳадал сертификатын алыў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Бул басламалар ҳәм инвестициялық жойбарлар бойынша Малайзияда өткерилген Өзбекстан-Малайзия бизнес форумы шеңберинде Өзбекстан Аўыл хожалығы министриниң орынбасары Алишер Шукуров презентация менен қатнасты.
Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы бул бирге ислесиў жойбарлары еки мәмлекет аўыл хожалығы тараўының инновациялық раўажланыўына ҳәм өнимлер экспортын кеңейтиўге хызмет етеди.