баннер
17 Apr 2025
09:33

    Хорезм ҳәм Шоманай дослығы беккемленбекте

    20 Dekabr 2024 118

    Шоманай районындағы “Әмиўдәрья” көшесинде Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде 1,2 километрлик узынлықтағы қара қапламалы асфальт төсеў ушын жумыслар басланды.

    Бул нәрсе Хорезм ўәлаяты ҳәм Шоманай районы арасындағы дослық қатнасықлардың айқын үлгисин көрсетиўши ўақыялардың бири. Көше “А.Мусаев” ҳәм “Халықлар дослығы” көшелери аралығында жайласқан болып, узақ ўақыт даўамында жаман жағдайда болған.

    Көшени оңлаў менен бирге, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў жумыслары да баслап жиберилди. Ҳәзирги ўақытта, Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде Шоманай районы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте.

    Ең тийкарғысы, пуқараларға қыйыншылық туўдырып келген және бир машқалаға шешим табылмақта. Бул баслама, еки аймақ арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге ҳәм халқымыздың турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етеди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech