баннер
23 Mar 2025
13:37

    Сырт елли шериклерден Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар

    Тынышлықты сүйиўши ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат себепли Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы күн сайын артып атырғаны айрықша атап өтилип, Жаңа Өзбекстанға раўажланыў тилеклери билдирилген.

    Инсаният тарийхындағы ең әййемги байрамлардан бири - тәбияттың ояныўы, жаңа өмир ҳәм жасарыў белгиси болған, көп миллетли халқымызға тән болған жақсылық, мийрим-шәпәәт, сақаўат ҳәм ғамқорлық, дөретиўшилик, ана жер ҳәм қоршаған орталыққа абайлы қатнас жасаў сыяқлы пазыйлетлерди өзинде жәмлеген Наўрыз байрамының кирип келиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили жәмийетлик ғайраткерлерден қызғын қутлықлаўлар келмекте.

    Сырт елли бирге ислесиўшилер өз хатларында елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў, дослық, татыўлық ҳәм жақсы қоңсышылық орталығын жоқары баҳаламақта. Тынышлықты сүйиўши ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат себепли Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы күн сайын артып атырғаны айрықша атап өтилип, Жаңа Өзбекстанға раўажланыў тилеклери билдирилген.

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

    Бәҳәр әййямы Наўрыз мүнәсибети менен ең қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

    Россия-Өзбекстан қатнасықлары стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық руўхында табыслы раўажланбақта. Биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бенен өз-ара пайдалы еки тәреплеме байланысларды буннан былай да дос халықларымыздың абаданлығы, Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў жолында жедел раўажландырамыз, деп исенемен.

    Усы қутлы әййямда Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын кеўлимнен беккем денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстанның барлық пуқараларына болса бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеймен.

    Ҳүрмет пенен,

    Владимир Путин,

    Россия Федерациясы Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Президент Мырза!

    Өзбек халқының дәстүрий Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан және жеке өзимнен Сизди, Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқын қызғын қутлықлайман.

    Мың жыллық тарийхқа ийе Наўрыз бәҳәр келиўи ҳәм тәбияттың ояныўын сәўлелендирип, өзбек халқының бахытлы турмысқа, ел-журт бирлиги ҳәм раўажланыўына умтылысын сәўлелендиреди.

    Өткен жылы июль айында Астанада болып өткен ШБШ саммити шеңбериндеги қызғын ҳәм дослық руўхындағы ушырасыўымызда Қытай-Өзбекстан қатнасықлары ҳәм ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша әҳмийетли келисимлерге еристик, еки тәреплеме байланыслардың жаңа бағдарларын белгилеп алдық.

    Ерисилген келисимлеримиз нәтийжели әмелге асырылып атырғаны, еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў избе-из беккемленип, итибарға ылайық нәтийжелер берип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемен.

    Мен Қытай-Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен әҳмийет беремен ҳәм жақын дослығымызды жоқары қәдирлеймен.

    Сиз бенен биргеликте барлық тараўлардағы бирге ислесиўди алға қойыў, Қытай ҳәм Өзбекстанның бирден-бир тәғдир жәмийетшилигин қурыў жумысларын байытыў ушын ҳәрекет етиўге таярман.

    Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели Мырзаға беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, мәмлекет басшысы сыпатындағы жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.

    Ҳүрмет пенен,

    Си Цзинтпин,

    Қытай Халық Республикасы Баслығы

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Президент Мырза!

    Америка Қурама Штатлары халқы атынан Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан халқын әжайып Наўрыз байрамы менен қутлықлайман. Бул ҳәмме ушын тынышлық, абаданлық ҳәм жаңаланыў байрамы болып табылады.

    Мәмлекетлеримиз арасында беккем байланыслар орнатылып атырғанын жоқары қәдирлеймен ҳәм Сизиң избе-из реформалар бағдарламаңызды қоллап-қуўатлайман. Саўда байланысларымызды кеңейтиў ҳәм заманымыздың ең үлкен машқалаларын шешиў жолында бирге ислесиўди интизарлық пенен күтемиз.

    Уллы мәмлекетлеримиз раўажланыўға умтылып атырған бир ўақытта, Америка Қурама Штатлары Өзбекстанның суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин бәрқулла қоллап-қуўатлаўға садық болып қалады.

    Наўрыз мүбәрек болсын!

    Шын жүректен,

    Дональд Трамп,

    Америка Қурама Штатлары Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ассаламу алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ.

    Наўрыз әййямы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаўларымыз ҳәм жақсы тилеклеримизди жоллап, Сизге беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, дос Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқына даўамлы раўажланыў тилеўден қуўанышлымыз.

    Жоқары ҳүрмет пенен,

    Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд,

    Саудия Арабстаны Патшасы

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ассаламу алайкум ва раҳматуллоҳи ва барокатуҳу

    Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаўларым ҳәм жақсы тилеклеримди жоллап, Сизге беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, дос Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқына және де раўажланыў тилеўден қуўанышлыман.

    Жоқары ҳүрмет пенен,

    Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд,

    Саудия Арабстаны Мийрасхоры, Министрлер Кабинети Баслығы

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Президент мырза, әзиз туўысқаным!

    Тәбият қайта жанланған, топырақ оянған ҳәм үмитлер бүртик атқан Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели Мырзаға ҳәм дос Өзбекстан халқына ең қызғын қутлықлаўларымды жоллайман.

    Әсирлик әййемги дәстүримиз Наўрыз - тынышлықтың, дослықтың ҳәм аўызбиршиликтиң әҳмийетин быйыл да еслеўимизге имканият жаратпақта. Наўрыздың дүньяда тынышлыққа болған үмиттиң бүртик ашқаны, халықаралық қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа қырларын ашқан мәҳәлде жақсы хабарды алып келиўин шын жүректен тилеп қаламан. Еллеримиз арасындағы терең тамыр жайған дослық ҳәм туўысқанлық байланысларының беккемлениўи, бирге ислесиўимиздиң және де күшейиўи бул Наўрызда да шын жүректен әрманларымыз арасында.

    Усы мазмунлы күн мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан халқына тынышлық, аманлық ҳәм абаданлыққа толы келешек тилеп қаламан.

    Режеп Таййип Эрдоған,

    Түркия Республикасы Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын уллы әййям - Наўрыз байрамы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

    Бул еллеримизди көп әсирлик дослық, өз-ара түсинисиў ҳәм ҳүрмет дәстүрлери менен байланыстыратуғын, сондай-ақ, тәбияттың жаңаланыўы ҳәм тиклениўиниң белгиси болған жарқын байрам болып есапланады. Усы пайызлы күнде халықларымыз аўызбиршилик ҳәм абаданлық жолында бирлессин.

    Наўрыз байрамының муқаддес қәдириятлары мәмлекетлераралық байланысларымызды буннан былай да раўажландырыў, халықларымыздың абаданлығы жолында жоқары мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўға хызмет ететуғынына беккем исенемен.

    Усы қутлы әййямда Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, таўсылмас күш-ғайрат, шаңарағыңызға бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тилеймен.

    Ең жақсы тилеклер менен,

    Қасым-Жомарт Тоқаев,

    Қазақстан Республикасы Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

    Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын гөззал Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлайман.

    Бул жарқын ҳәм қуўанышлы байрам бәҳәрде тәбияттың ояныўы, бирлик ҳәм дослық, тынышлық ҳәм абаданлық тымсалы болып есапланады. Ол халықларымызды байланыстырып турған көп әсирлик дослық ҳәм өз-ара түсинисиў дәстүрлерин сәўлелендиреди, улыўма тарийхқа тийкарланған туўысқанлық қатнасықларды беккемлейди.

    Өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған бирге ислесиўимиз буннан былай да барлық дәрежеде биргеликтеги ҳәрекетлер тәризинде даўам етип, халықларымыздың айдын келешегине хызмет ететуғынына исенимим кәмил.

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысыңызда табыслар, туўысқан өзбек халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тилеўге руқсат еткейсиз.

    Ҳүрмет пенен,

    Садир Жапаров,

    Қырғыз Республикасы Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

    Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен ең жақсы ҳәм жақсы тилеклерге бөленген қызғын қутлықлаўларымызды қабыл еткейсиз.

    Әййемги тарийхқа ийе бул байрам мәдений мийрас ҳәм көп әсирлик дәстүрлеримиз уқсаслығының көриниси сыпатында оны белгилейтуғын халықлар арасындағы байланысларды тынышлық ҳәм қәўипсизлик, жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў идеялары тийкарында беккемлеўде әҳмийетли роль атқарады.

    Наўрыздың мәңги дөретиўшилик дәстүрлери бизди халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланыслары ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў жолында тынымсыз ҳәрекет етиўге ийтермелейди.

    Тәжикстан тәрепи Өзбекстан менен стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық шеңбериндеги мәмлекетлераралық қатнасықлардың бүгинги дәрежесинен қанаатланады.

    Исенимим кәмил, мәмлекетлеримиз бул әййемги байрамның жоқары улыўмаинсаныйлық қәдириятларына сүйенген ҳалда, көп қырлы қатнасықларды мазмун жағынан байытыў жолында буннан былай да биргеликте ҳәрекет етеди.

    Усы қутлы күнлерде Сизге беккем денсаўлық ҳәм жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар, мәмлекетиңиздиң туўысқан халқына болса бахыт-ығбал, абаданлық, тынышлық ҳәм турақлылық, избе-из раўажланыў тилеймен.

    Наўрыз мүбәрек болсын!

    Терең ҳүрмет пенен,

    Эмомали Раҳмон,

    Тәжикстан Республикасы Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

    Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге ҳәм Сиз арқалы туўысқан Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллайман.

    Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде кеңнен белгиленетуғын бул гөззал байрам бәҳәрдиң басланыўы ҳәм тәбияттың ояныўын аңлатады. Наўрыз байрамы түрли халықлар ҳәм мәдениятлар арасындағы жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди. Бул жарқын байрам үмит тымсалы болып, бүгинги дүньяда инсаныйлық сезимлерин беккемлеўге ийтермелейди.

    Бул әжайып байрам Сиз ҳәм пүткил мәмлекетиңиз халқы ушын бахыт, қуўаныш ҳәм жаңа табыслар алып келсин!

    Терең ҳүрмет пенен,

    Сердар Бердимуҳамедов,

    Түркменстан Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

    Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларым ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллаў мен ушын мақтаныш!

    Бәҳәрги теңкүн күнлеринде белгиленетуғын халықаралық Наўрыз байрамы инсанияттың ең әййемги мәдений мийрасларынан бири болып есапланады. Тамырлары мың жыллар тереңине барып тақалатуғын бул гөззал байрам тек ғана тәбияттың ояныўы емес, ал өз-ара ҳүрмет, тыныш-татыў жасаў, бир-бирин түсиниў ҳәм мийнет сүйгишлик белгиси болып есапланады.

    Бул қутлы әййям Сизге ҳәм пүткил халқыңызға тынышлық, қуўаныш ҳәм жаңа басламалар алып келсин!

    Терең ҳүрмет пенен,

    Гурбангули Бердимуҳамедов,

    Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Ҳүрметли Шавкат Миромонович,

    Әзиз Туўысқаным,

    Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын миллий, мәдений ҳәм тарийхый тамырлары терең болған Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлайман.

    Еки мың жылдан берли үлкен қуўаныш пенен белгиленетуғын бул байрам жердиң ояныўы, тәбияттың жаңаланыўы, адамзаттың қайта туўылыўын аңлатады. Наўрыз әййямы мүбәрек болсын, туўысқан халықларымыз ушын ийгиликли ислердиң басланыўы болсын!

    Әзербайжан - Өзбекстан аўқамы улыўма тарийхымыз, бай миллий ҳәм руўхый қәдириятларымыз, халықларымыздың туўысқанлығы ҳәм аўызбиршилигине сүйенген ҳалда буннан былай да раўажланып, ҳәрекетлеримиз бенен беккемленип баратуғынына исенимим кәмил.

    Усы қутлы әййямда Сизге ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан Республикасы ҳәм оның халқының абаданлығы жолындағы жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.

    Ҳүрмет пенен,

    Илҳом Алиев,

    Әзербайжан Республикасы Президенти

    ***

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

    Тәбияттың ояныўы, жақсы келешекке үмит ҳәм ҳижрий-шамсий жаңа 1404-жылдың басланыўы ўақты болған уллы ҳәм әййемги Наўрыз байрамы менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаны ҳәм мәмлекетиңиздиң әзиз халқын шын жүректен қутлықлайман.

    Бәҳәр тәбияттағы теңсалмақлық ноқаты және мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм жаңаланыў мәўсими болып есапланады.

    Ҳижрий-шамсий жаңа жылда еки мәмлекет қатнасықларында ҳәм халықларымыз турмысында әжайып өзгерислердиң гүўасы боламыз, деп үмит етемен.

    Қәдирдан Сиз, Уллы мәртебели мырзаға денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстан Республикасы халқына бахыт-ығбал ҳәм абаданлық, Наўрыз мәденияты регионы мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў қатнасықларына болса және де раўажланыў тилеп қаламан.

    Масъуд Пезешкиён,

    Иран Ислам Республикасы Президенти

    ***

    Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

    Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Нурлан Ермекбаев,

    Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев,

    Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Асад Мажид Хон.

    Қутлықлаўлар келиўи даўам етпекте.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech