Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ислеп шығарыў, экспорт ҳәм исбилерменлик жумысын хошаметлеў, саўда ҳәм санаат сиясатының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, 2025-жыл 1-октябрьден Өзбекстан аймағына алып кирилетуғын ийислендириўши ямаса рең бериўши қосымшаларсыз ақ қантқа акциз салығы бийкар етиледи.

20 ҳәм оннан артық жумысшысы болған юридикалық тәреплерге мүлк ҳәм жер салықлары және ижара төлемлери бойынша есапланған салық суммаларын 2025-жыл 15-июль ҳәм 1-декабрьде бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи.

Сондай-ақ, Президент Пәрманына муўапық, улыўма аўқатланыў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге төленген ҚҚСтың бир бөлегин қайтарыўда усы жумыстан алынған дәрамат товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған жәми дәраматтың кеминде 80 процентин қураўы зәрүр екенлиги белгиленди.

Буннан тысқары, санаат кәрханаларының автоматикалық мониторинг станциясы, шаң-газ тазалаў үскенеси, локал суў тазалаў қурылмасы ҳәм стационар бақлаў посты менен үскенелеў миннетлемеси мүддети төмендегише создырылды:

I категориядағы кәрханалар ушын - 2026-жыл 1-январьға шекем;

II категориядағы кәрханалар ушын - 2026-жыл 1-июльға шекем.

2025-жыл 1-июньнан баслап сырт мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға 200 мың АҚШ доллары және олардың ҳәр бир шаңарақ ағзасына (турмыслық жолдасы, перзенти ҳәм ата-анасы) 100 мың АҚШ доллары муғдарындағы төлемлер есабынан Өзбекстанда жасаў гүўалығы 5 жыл мүддетке әпиўайыластырылған тәртипте бериледи.